Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 9-10-октябрь күнлери пайтахтымыз Нөкис қаласында аралас жаўынгерлик өнерлери (MMA) бойынша ҳәўескерлер арасында Орайлық Азия чемпионаты болып өтеди.
Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бүгин, 8-октябрь күни Арқа-батыс әскерий округи Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында Орайлық Азия аралас жаўынгерлик өнерлери Конфедерациясы (CAMMAC) ўәкиллери, чемпионаттың төрешилери, шөлкемлестириўшилер қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти. Илажға Халықаралық аралас жаўынгерлик өнерлери федерациясы (IMMAF) президенти Керрит Браун қатнасты.
Баспасөз конференциясында шөлкемлестириўшилер ҒХҚ ўәкиллериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар берди.
Усы орында атап өтиў орынлы, Орайлық Азия аралас жаўынгерлик өнерлери Конфедерациясы (CAMMAC) 2020-жыл 9-февральда дүзилген болып, оған өзбекстанлы Отабек Умаров басшылық етпекте. Нөкисте биринши мәрте шөлкемлестирилип атырған тарийхый чемпионат CAMMAC тәрепинен өткерилип атырған болып, оған конфедерацияға ағза болған 5 мәмлекеттиң спортшылары қатнасады – Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Әзербайжан.
Хабарда жазылыўынша, 9-октябрь күни Нөкис қаласындағы «Манеж» спорт комплексинде Орайлық Азия чемпионатының дәслепки беллесиўлери старт алады. Жарыста спортшылар 10 салмақ категориясы бойынша беллесиўлер алып барып, ҳәр бир жекпе-жек 3 раундтан, ҳәр бир раунд 3 минуттан ибарат болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.