Пайтахтымызда XIII Ташкент халықаралық кинофестивалы жуўмағына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен шолкемлестирилген илажға фестиваль қатнасыўшылары, сырт елли майманлар, кино ғайраткерлери мирәт етилди.

Бүгин мәмлекетимизде  жедел реформалар, жаңаланыўлар процеси кешпекте. Бул реформалар  мәденият ҳәм көркем өнер тараўын қамтып алып атырғаны менен де әҳмийетли болып есапланады. «Тынышлық, раўажланыў ҳәм мәрипат ушын» сүрени астында шөлкемлестирилген усы халықаралық  кинофестиваль 50 ге шамалас мәмлекетлик кинодөретиўшилерин өз әтирапында бирлестирди. Жаңаланып атырған Өзбекстанымызда болып атырған  өзгерислерге үнлес болған усы сүрен жәҳән кинематографиясы көркем өнериндеги ең жақсы экран тийкарларын тамашагөйлерин усынды, десек қәте болмайды.

Фестиваль шеңберинде көплеген мәмлекетлердиң миллий кино күнлери болып өтти. Ҳүжжетли, қысқа метражлы фильмлердиң көринислери киноның қандай кең ҳәм реңбә-рәң тараў екенлигин және бир мәрте көрсетти. «Кино 5 күнде» дөретиўшилик жойбары жаслардың  киноға болған меҳир-муҳаббатын күшейттирди. Жәҳән кино усталары қатнасыўындағы сөйлесиў ҳәм ушырасыўлар, шеберлик сабақлары  көпшилик ҳәўескерлердиң жүрегине шын мәнисинде меҳир шырағын жақты, десек ҳақыйқатлықты айтқан боламыз. Фестиваль мәмлекетимиз бойлап кино көркем өнериниң үлкен байрамы сыпатында өткерилгени жаңа дөретиўшилик жойбарлар, бирге ислесиўдиң перспективаларына кеңнен имканият ҳәм тийкар жаратады.

Кино байрамының барлық қатнасыўшылары Ташкент халықаралық кинофестивалын жоқары дәрежеде өткериўге әмелий итибары ушын Өзбекстан Республикасы Президентине миннетдаршылық билдирип, келеси фестивалды интизарлық пенен күтетуғынын билдирди.

Өзбекстан Кинематография агентлигиниң бас директоры Ф.Абдухолиқов «Жипек жолы дүрданасы» Ташкент халықаралық кинофестивалы жоқары руўхта өткенин жәҳән киносының атақлы ғайраткерлери атап өткенине тоқтады.

– Фестивальдың жоқары руўхта өткени Өзбекстан басшысы кинематография  көркем өнериниң раўажланыўына оғада жуўапкершилик пенен қатнас жасап атырғанын  аңлатпақта, – деди ҳиндистанлы кинорежиссёр Умеш Меҳра. – Фестиваль түрли мәмлекет киношылары  арасындағы бирге ислесиўдиң және де беккемлениўине зор түртки берди.

– Ташкент халықаралық кинофестивалы жәҳән кинематографиясының ең  сайланды элитасын өзине тартты, – деди грузин кино ғайраткери Давид Жонилидзе. – Фестиваль күнлери сөйлесиўлерге, ушырасыўларға оғада бай болды. Дөретиўши ушын өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм умытылмас мәўритлерди инам етти.

– Ташкент халықаралық кинофестивалы биз күткенимизден де ағла дәрежеде өтти, – деди беларуслы кино ғайраткери Владимир Карачевский. – Өзбекстан кино көркем өнери раўажланыў жолында екенине барлық  қатнасыўшылардың өзлери гүўа болды. Фестиваль сондай жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын мәмлекет жетекшиси ҳәм шөлкемлестириўшилерден оғада миннетдармыз.

– Фестиваль фильмлерин сайлап алыўда ҳәммеге унайтуғын картинаны таңлаўға айрықша итибар қараттық, – деди россиялы кинорежиссёр, Халықаралық кинофестиваль төрешилер баслығы Тимур Бекмамбетов. – Ҳәммеге унайтуғын фильмди тапқанымызды қанаатланыўшылық  пенен айтаман.

«Жипек жолы дүрданасы» XIII Ташкент халықаралық кинофестивалының жуўмағына бола, жигирмадан аслам ең сайланды фильмлер статуэтка ҳәм ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды. Фестивальдың бас сыйлығы – Гран-прине өзбекстанлы Шерзод Назаров «Жипек жолында» фильми ушын мүнәсип деп табылды.

Ташкент халықаралық кинофестивалының жабылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, туризм ҳәм спорт министри  Азиз Абдуҳакимов қатнасты.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы