Ҳәзирги ўақытта спорттың мини-футбол түри бойынша Мәмлекетлик бажыхана комитети Баслығы кубоги ушын ойынлар даўам етпекте. Орынларда аймақлық таңлаў жарыслары болып өтпекте. Кеше Арқа-Батыс аймақ шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы ҳәм Хорезм ўәлаяты бажыхана басқармасы хызметкерлеринен қуралған командалар арасында жарыс болып өтти.

Көтериңки ҳәм өз-ара дослық руўхында өткен және қызғын беллесиўлерге бай болған бул жарыста Қарақалпастан Республикасы Бажыхана басқармасының командасы 6-1 есабында жеңиске ерисип, Ташкент қаласында өткерилетуғын гезектеги басқышқа жоллама алды.

– Бажыхана хызметкерлериниң физикалық жақтан шыныққан, күшли, денсаўлығы беккем болыўы, олардың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, хызметтен бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде турақлы түрде спорт жарысларын өткериў жолға қойылған-дейди бажыхана басқармасының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топары аға инспекторы Юлдуз Қудиярова.

Бажыханашыларымыз алдағы жарысларға да қызғын таярлық көрип, жеңимпазлар қатарынан орын алады, деп исенемиз. Себеби, өткерилип атырған жарыслардан гөзленген мақсет те система хызметкерлери арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, өз-ара  дослық ҳәм саламат бәсеки орталығын тәмийинлеў болып есапланады.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги