Халықтың машқалаларын үйрениў, олардың бүгинги күнинен разы болып, жақын келешекке үлкен исеним менен қараўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, халықты социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў бүгин мәмлекетлик уйымлар алдындағы әҳмийетли мәселелер сыпатында қаралмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен ең уллы ҳәм ең әзийз байрамымыз – мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығын белгилеўге таярлық көриў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының баслығы О.Хожиматов Қоңырат районына жуўапкер етип бекитилди.
Быйылғы жылдың басынан усы посёлка турғынларынан веб-сайт, Президент қабыллаўханасы, халық қабыллаўханасы, исеним телефонлары ҳәм де көшпели қабыллаўлар арқалы жәми 110 мурәжат келип түсип, олардың көпшилиги бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, қаржы мәселелерине байланыслы болды.
Соннан 33 мүрәжат жумыс орны менен тәмийинлеў, 9 мүрәжат социаллық қорғаў напақаларын алыў, 8 мүрәжат билимлендириў мәселелери бойынша билдирилген. Банк кредитлери ҳәм мәмлекетлик уйымлардағы хызметкерлердиң жумысларынан наразылық бойынша 7, мәжбурий орынлаў, алимент ҳәм қарыздарлықты өндириў бойынша 6, мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша жәми 4 мүрәжат келип түскен.
Нөкис қаласынан 430 километр аралықта жайласқан алыс «Қарақалпақстан» посёлкасында республика бажыхана басқармасы тәрепинен өткерилген көшпели қабыллаўда аймақ турғынларының мүрәжатларында көрсетилген жумыс пенен тәмийинлениў, денсаўлықты сақлаў, электр энергиясы, кадастр ҳәм газ тәмийнатындағы машқалалар, сондай-ақ, жасларды оқытыў ҳәм социаллық қорғаўға байланыслы мүрәжатлар толық үйренип шығылды. Ўәкиллик шеңбериндеги мүрәжатлар унамлы шешилди. Қосымша үйрениў талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша тийисли ўазыйпалар белгиленип, жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте аймақта өткерилетуғын илажлар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги