Күни кеше нызамшылық талапларына қайшы түрде оқ атар пневматикалық пистолет пенен оқ дәрилерди мәмлекетимизге алып кириўге урынған пуқара бажыхана хызметкерлери тәрепинен иркип қалынды.
«Даўыт ата» шегара бажыхана постында пуқара Х.А. басқарыўындағы «Форд транзит» маркалы жүк автотранспорт қуралындағы жүклер посттағы рентген қурылмасы арқалы бажыхана тексериўинен өткерилди. Нәтийжеде, оның ҳүжжетлеринде көрсетилмеген ҳәм рухсат бериўши ҳүжжетлерге ийе болмаған «ПМ49» пневматикалық пистолет ҳәм 357 дана 4,5 миллиметрлик калибрли пуқаралық спорт пневматикалық қуралы ушын мысланған полат шаршаларын (оқ дәрилерин) бажыхана қадағалаўынан жасырын түрде республикамыз аймағына алып кириўге урыныўы «нәтийже» бермеди.
Ҳәзирги ўақытта усы анықланған факт бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги