Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районындағы Халық қабыллаўханасына Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны аймағы «Қыят» аўылында жасаўшы Светлана Қарабаевадан бүгинги күни халықтың ишимлик суўдан қыйналып аырғанлығы туўралы мүрәжаты келип түсти.

Бул мүрәжат қәнигелер тәрепинен қадағалаўға алынып, тийисли уйымлар менен биргеликте аўыл халқының машқаласын шешиў илажлары көрилди. Нәтийжеде аўылға 1,7 километр узынлықтағы суў тармағын тартыў бойынша 275,6 миллион сумлық қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Бул жумыслар жуўмақланғаннан соң 22  хожалық таза ишимлик суўынан пайдаланыў имканиятына ийе болады.

-Жыл басынан берли усы күнге шекем пуқаралардан 182 мәселе бойынша 178 мүрәжат келип түсти,-дейди Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қанлыкөл районындағы Халық қабыллаўханасының жетекши қәнигеси Рашид Есемуратов.-Соннан 117 мәселе райондағы мәкемелерге, 36 мәселе жоқары уйымларға жиберилген болса, 29 мәселе районлық Халық қабыллаўханасында көрип шығылды.  Усы күнге шекем 146 мүрәжат қанаатландырылған. Соның ишинде 70 мүрәжат унамлы шешимин тапқан,  51 мүрәжат бойынша ҳуқықый мәсләҳәт берилген.

Атап айтқанда, Қанлыкөл посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара Тазахан Өтемуратова өз мүрәжатында көп жыллардан берли жумыссыз екенлигин билдирип, турақлы жумысқа орналастырыўда жәрдем сораған. Оның мүрәжаты унамлы шешимин таўып, усы жылдың январь айында районлық Абаданластырыў басқармасына жумысқа орналастырылды. «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Амангелди Ҳамраев 2020-жылдың ноябрь айында кредит алыў ушын «Халқ банки»ниң районлық филиалы менен шәртнама дүзип, керекли ҳүжжетлерди тапсырған. Деген менен, кредити шешилмегеннен кейин Халық қабыллаўханасына мүрәжат еткен. Оның мүрәжаты унамлы шешилип, усы жылдың февраль айында оған 30 миллион сўм кредит ажыратылды.

Шешими қосымша  ҳүжжет, мүддет және үйрениў талап ететуғын 25 мүрәжаттың орынланыўы қадағалаўға алынған болса, 27 мүрәжат ийесине қәнигелер тәрепинен түсиник берилди. Соннан 9 мүрәжат бүгинги күни үйрениў процесинде.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы