Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен қоңсылас мәмлекеттен кирип келген «DAF» маркалы жүк автотранспорт қуралы белгиленген  тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилгенде мине усындай жағдай анықланды.

Атап айтқанда, автомашинада жол жүк  бақлаў ҳүжжетлеринде көрсетилмеген және бажыхана хызметкерлериниң  аўызеки сораўында айтылмаған, дәслепки сораўға қарағанда 696 миллион сўмға тең болған  «Пластик труба»  материалының бар екенлиги анықланды.  Бажыхана төлемлеринен қашыў мақсетинде ҳүжжетлерде көрсетилмеген товарлар нызамлы қарар қабыл етилгенге шекем белгиленген тәртипте ўақтынша сақлаўға алынды.

Бажыхана хызметкерлери тәрепинен товар-материаллық байлықлардың бажыхана шегерасы арқалы ҳәрекети даўамында нызамшылық талапларына бойсыныўы қатаң қадағалаўға алынған болып, товарлардың ҳүжжетлерден «түсирилип қалдырылыўы» нәтийжесинде жасырын экономиканың раўажланыўына қарсы системалы жумыслар алып барылмақта.

Бул жағдай бойынша тергеўге шекемги сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги