Қабыллаў – 2021

Соңғы жыллары елимизде тәлим-тәрбия системасын түпкиликли реформалаўға айрықша итибар қаратылып, жасларымыздың дүнья жүзи талаплары дәрежесинде билим алыўы, және кәсип-өнер ийелеўине, физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик инсанлар болып жетилисиўине, қәбилетлерин жүзеге шығарыўына айрықша итибар қаратылып келинбекте. Соңғы 3 жылда мәмлекетимизде жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны ҳәм қабыллаў квоталары арттырылып, олардың материаллық-техникалық базасы беккемленди. Профессор-оқытыўшылардың мийнет ҳақысы орташа  3,5 есеге арттырылды.

Он еки жылдан берли жумыс алып барып атырған пайтахтымыздағы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы бүгин елимиздиң мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ушын жоқары мағлыўматлы қәнигелерди тәрбиялап шығаратуғын оқыў орны саналады. Бүгинги күнде филиалда 1 факультет ҳәм 5 кафедрада бар болып,  46 профессор-оқытыўшы жумыс алып барады. Олардан 4 профессор, 9 илим кандидаты, 3 доцент,  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артистлер, Қарақалпақстан халық бақсылары студентлерге билим берип келмекте.

Филиалда ҳәзирги ўақытта 9 тәлим бағдары бойынша жәми 772 студент билим алмақта. Соннан 523 и күндизги, 249 ы сыртқы тәлим бағдарларында оқыйды. Филиалымызды 2020-2021-оқыў жылында 5 тәлим бағдары бойынша 57 студент питкерип, питкериў қәнигелик дипломларын табыслы қорғап шықты.

Ҳәзирги ўақытта филиалымызда 2021-2022-оқыў жылына қабыллаў жумыслары нәтийжели алып барылмақта. Быйыл филиалымыздың қабыллаў квотасы 375 ти қурайды. Соннан, мәмлекетлик грант тийкарында 45 орын, төлемли контракт тийкарында 230 орын ажыратылған. Сыртқы билимлендириў бағдарларына ажыратылған 100 орынның барлығы төлемли контракт тийкарында әмелге асырылады. Бунда күндизги тәлим бағдарлары бойынша  «Халық дөретиўшилиги: Саз әсбап атқарыўшылығы», «Вокал атқарыўшылығы», «Фольклор ҳәм этнография», «Қосық ҳәм ойын», «Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы», «Драма театры ҳәм кино актёрлығы», «Драма театры режиссёрлығы», «Кино, телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығы», «Кино-телеопреаторлық», «Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў», «Китапхана-мәлимлеме жумысы» тәлим бағдарлары бойынша қабыллаў белгиленген. Сондай-ақ, сыртқы тәлим бағдарларына «Көркем өнертаныў: Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы», «Халық дөретиўшилиги: Қосық ҳәм аяқ ойын», «Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў», «Китапхана-мәлимлеме жумысы: Китапханашылық ҳәм библиография» тәлим бағдарлары бойынша квота ажыратылған.

Дүнья жүзин тәшўишке салып атырған коронавирус пандемиясы шараятында санитариялық нормалардың талапларынан келип шығып, 2021-2022-оқыў жылы ушын да барлық жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлерди қабыллаў онлайн түрде әмелге асырылмақта. Бунда жоқары оқыў орынларына ҳүжжет қабыллаў Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы, Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты (my.dtm.uz) ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы әмелге асырылыўы белгиленген. Абитуриентлер жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында қатнасыў ушын ҳүжжетлерин усы жылдың 22-июнь сәнесинен баслап 22-июль (сол күни де) сәнесине шекемги мүддетте тапсырыўы режелестирилген. Белгиленген тармақлар арқалы ҳүжжет тапсырыўда абитуриентлерден паспорт, диплом ямаса аттестат, жеңилликли түрде оқыўға киретуғынлар ушын жеңиллик берилгени ҳаққындағы ҳүжжеттиң мағлыўматлары талап етиледи.

Ҳәзирги карантин талапларын есапқа алған ҳалда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында қабыллаў процесслери бойынша мағлыўматларды филиалдың рәсмий веб сайты (uzdsmi-nf.uz) ҳәм Telegram (uzdsminf_qabul_2021) каналларынан да алыў мүмкин. Буннан басқа да, абитуриентлер, олардың ата-аналары ҳәм пуқараларды қызықтырған сораўларға анық жуўаплар ҳәм мәсләҳәтлер алыў мақсетинде call-centr  жолға қойылған.

Әлбетте, бүгинги егилген нәлше келешекте өз мийўесин берери анық. Сонлықтан, биз мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ушын жоқары мағлыўматлы, сапалы кадрларды тәрбиялаўға айрықша дыққат қаратып, бул ўазыйпаны баслы мақсетимиз, деп билемиз ҳәм бул жолда биз бар күш-жигеримизди аямаймыз.

 

 Аманжол АЯПОВ,

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры, филология илимлериниң кандидаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги