Мүнәсибет
Тарийх илимлериниң докторы, профессор Абдухалил Мавруловтың «Мәнаўиятты аңлаў – инсанды аңлаў яки «сергеклик қоңыраўы»на қандай мүнәсибет билдирмектемиз?» атамасындағы аналитикалық сын мақаласы дɵгерегиндеги ойлар
Халқымызда «Ўатанды сүймек ийманнандур», деген даналық сɵз бар. Адам ɵзиниң туўылып ɵскен журтын, дос-яранлары ҳәм туўысқанлары менен бирлестириўши Ўатанды сүйиўи, оны ардақлаўы, бүгинги күни мәнаўият дәрежесинде – ийман түсиниги менен байланыслы қәдирленбекте.
Мәмлекетимизде, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында кең түрде «Мәнаўият фестивалы» ɵтип атырған руўхый-шады-қуррамлық дәўиринде ҳүрметли алым, тарийх илимлериниң докторы, профессор Абдухалил Мавруловтың «Мәнаўиятты аңлаў – инсанды аңлаў яки «сергеклик қоңыраўы»на қандай мүнәсибет билдирмектемиз?» атамасындағы мақаласы («Янги Ўзбекистон» газетасы, 2021-жыл 29-июнь, 131-сан) оқыўшыларға айрықша ой салатуғын, мәнаўият хызметкерлерин жаңадан-жаңа излениўлерге шақыратуғын руўхта жазылғанлығы менен дыққатымызды тартты.
Биз бүгин жаңа Ɵзбекстанды қурмақтамыз, жаратпақтамыз. Бул жолда мәнаўият – инсан қәдири, Ўатан кɵрки ҳәм сән-салтанаты болып хызмет ететуғыны анық. Президентимиз атап ɵткениндей: «Жәмийетте тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеўде ҳеш ким бир шетте қарап турмаўы, ɵз балаңды, ɵз үйиңди, ɵз Ўатаныңды кɵз қарашығыңдай сақла!» деген сүрен адамларымыздың жүрегинен терең орын алыўы керек».
Республикамызда ɵткерилген «Мәнаўият фестивалы» шеңберинде Нɵкис районы аймағындағы әскерий бɵлимде болып ɵткен «Ашық есиклер» күни ушырасыўында, мине, усы мәселеге айрықша дыққат аўдарылды. Илажда қатнасқан Дɵретиўши топар ағзалары, соның ишинде Философия илимлериниң докторы, профессор Ж.Шермуҳаммедова, юридика илимлериниң докторы, профессор Ф.Мухитдинова сыяқлы басқа да илимпаз ҳәм кɵркем ɵнер ғайраткерлери тәрепинен Ана-Ўатанымызды қорғаў, оны кɵздиң қарашығындай сақлаў елимиздиң ҳәр бир перзентиниң миннетли ўазыйпасы екени атап ɵтилип, мәмлекетимизде жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги ҳаққында сɵз етилди. Ɵзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға белгили жазыўшы-шайырлардың ɵз дɵретпелеринен оқып берип, кɵркем ɵнер ғайраткерлериниң ɵз ɵнерлеринен үлгилер кɵрсетиўи ата-аналар ҳәм әскерий бɵлимде хызмет етип атырған жасларға жоқары руўхый заўық бағышлады.
Мине, бул бағдарда жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бәрқулла ɵз әҳмийетин жоғалтпайтуғын әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады.
Демек, күн тәртибиндеги мәнаўият ҳәм мәрипат мәселеси ел-халық, миллет тәғдири менен сабақлас болып, Журтбасшымыз айтқанындай, ол «Биз ушын сергеклик қоңыраўы» болып хызмет атқарады. Мақала биз ерискен табысларды ашық-айдын кɵрсетиўи менен бирге, жәмийетшилигимизде жүз берип атырған кемшиликлер, итибардан шетте, бирақ, дыққат аўдарылыўы зәрүр болған концептуал мәселелер баян етилгенлиги менен де баҳалы.
Ўатан ɵз босағаңнан, шаңарақтан, мәҳәлледен басланады. «Бир перзентке жети мәҳәлле ата-ана», дегениндей, жас әўладтың бос ўақытларын мазмунлы ɵткериў, оларда жат идеялардан саналы түрде қорғаныў иммунитетин жетилистириў ҳәм усы арқалы туўылған журтқа садықлық руўхында тәрбиялаўда мәхәллениң тутқан орны оғада жоқары болып табылады.
2021-жылдың 28-июнь ҳәм 2-июль күнлери аралығында Республикамызда ɵткерилген «Мәнаўият фестивалы» шеңберинде, мине, усы мәселелеге де жоқары итибар қаратылды. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде “Ҳәр бир нураний – беш жасқа устаз” ҳәм “Бир зиялы – бир мәҳәллеге руўхый қәўендер” темаларында алыс аўыллар менен мәҳәллелердеги нураний ҳәм зиялылар қатнасында ZOOM бағарламасы арқалы онлайн семинар-тренинг ɵткерилди.
Онда қатнасқан ел ҳүрметиндеги әдиўли устазлар, соның ишинде, белгили профессор-оқытыўшылар, мийнет ветеранлары, ата-аналар елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаңаланыўлардың мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин халқымызға, әсиресе, ɵсип киятырған жас әўлад ўәкиллерине әпиўайы тилде түсиндирди етти.
Мақалада мәдений-руўхый қәдриятларымызға қарсы қәўиплер, соның ишинде, бузғыншы идеялар туўралы сɵз болғанда ҳүрметли профессор Президентимиздиң мына сɵзлерин келтиреди: «Миллий мәнаўиятымызға улыўма жат болған зыянлы идеялар, түсиник ҳәм кɵз қараслар шегараны бузбастан, билдирместен, анық айтыў керек болса, «шақырылмаған мийман» болып шаңарағымызға, жәмийетимизге, ең жаманы, периште мысалы балаларымыздың гирбиңсиз қәлбине, жүрегине кирип келмекте». Бул үндеў әлбетте, бизди кең кɵлемли излениўлер алып барыўға шақырады.
Шынында да ҳәзирги мәлимлеме технологиялары кең ен жайып баратырған бүгингидей глобалласыў дәўиринде Интернет тармағының халқымыздың келешегине пәнже салыўы, әсиресе, жаслар тәрбиясына тийгизип атырған кери тәсири, олардың қәўипли ағымларға кирип кетиў жағдайларының ушырасып атырғанынына ҳәр күни гүўа болмақтамыз. Профессор А.Маврулов мақалада атап ɵткениндей, усы машқаланы концептуал түрде, системалы шешиўдиң бирден-бир жолы пуқараларда, әсиресе, жасларда мәлимлемелескен жәмийетлик нызамларға әмел етиў кɵнликпесин, жалған мәлимлемени дурсынан ажыратып мәдениятын, мағлыўматларды сын кɵз қарастан талқылап үйрениў әмелиятын жетилистириўден ибарат.
Фестиваль шеңберинде Нɵкис каласы ҳам районларда әмелге асырылған «Белсенди пуқара», «Мениң перзентим Ɵзбекстан мақтанышы», «Мәғрипет тур», «Мақам, бақсы-жыраў ҳәм қыссаханлық кешелери» ҳәм «Миллий ҳәм тарийхый фильмлер»ди тамашалаў сыяқлы жойбарлардың мақсети де мине, усы биз жоқарыда сɵз еткен жаслар тәрбиясына қәўип салатуғын иллетлерге биргеликте қарсы гүресиўге бағдарланды.
Неге дегенде, руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият жумысларындағы әҳмийетли ислердиң тɵркини перзентлер қәлбинде Ўатанға муҳаббат туйғысын жетилистириў, бул бағдарда тийисли шɵлкемлер, соның ишинде ата-ана ҳәм устазлар биргеликте ҳәрекет етиўи лазым.
Улыўма мақалада биз күткен ҳәм режелестирген жумыслардың нәтийжеси анық баян етилгенлиги менен дыққатты ɵзине тартады. Соның ишинде, жәмийетлик орынларда бақланып атырған жаслардың дүньяқарасындағы ɵзгерислердиң тɵркини ɵз атамасы менен белгилеп кɵрсетилгенлиги илимий салмаққа ийе. Мақалада, сондай-ақ, айырым терминлер «гедонизм», «консерватизм», «радикализм», «технократик мәденият» сыяқлы улыўма түсиниклердиң мазмун-мәниси кең түрде әпиўайы тилде ашып берилген.
Мысалы, илимпаздың айырым жасы үлкенлердеги «консерватизм» ҳәм базы бир жаслардың санасына сиңип баратырған «радикализм» арасындағы қарама-қарсылықлы жағдайларға итибар бериўи ҳәм оны сынға алыўы жүдә орынлы қубылыс. Себеби, әйне пайытта жәмийетимизде жасы үлкен ата-аналар менен «кɵшениң тәсирине түсип қалған» ул-қызлардың ɵз-ара пикир таласыў жағдайлары тез-тез ушыраспақта. Белгили болғанындай, Интернет тармағында менталитетимизге қарсы мәлимлемелер қоршаўында қалған перзент «радикализм» тәсири менен шаңарақлық, миллий қәдриятлар ҳәм үрп-әдетлерди ҳәмме нәрседен жоқары қоятуғын ɵз ата-анасына қарсы бармақта. А.Маврулов усы тақылеттеги турмыслық машқалаларды ортаға таслап, ɵз гезегинде мәселениң унамлы шешимин де кɵрсетип береди.
Сондай-ақ, автордың атап ɵтиўинше: китап оқыў, билим алыў, тәжирийбе арттырыў, ɵзин-ɵзи раўажландырыўға умтылыў инсанның мәнаўий зәрүрликлериниң әҳмийетли тәреплеринен бири болып табылады. «Мәнаўият фестивалы» шеңбериндеги жойбарлардан бириниң «Жаңа ояныў дәўири китапқумарлық ҳәм китапханалардан басланады», деп аталыўы да тегиннен емес, әлбетте. Дɵретиўши топар ағзалары, соның ишинде, шайыр-жазыўшылардан ибарат зиялылардың қарақалпақстанлы китапқумар жаслар менен ушырасып, оларға ең сайланды китаплар топламларын саўға етиўи жас әўлад ўәкиллерине оғада унағаны, сɵзсиз.
Усы жерде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен алға қойылған усы сыяқлы үгит-нәсият жумыслары буннан былай да даўам етеди, деп ойлайман.
Және бир мәрте атап ɵтиў орынлы. Ўатан – шаңарақтан басланады. Ўатанға муҳаббат адамның ɵз әтирапындағы орталығынан, ҳүрмет-иззетинен, қәдирлеў сезимин қәстерлеўинен келип шығады. Тәрбияда үзликсизлик, избе-излик ɵз нәтийжесин беретуғыны турмыс тәжирийбесинен белгили аксиома. Усы кɵзқарастан мақала авторы, ҳүрметли профессор тарийхый ɵтмишке терең ой жуўыртып илимий аспектте ҳәм философиялық, ҳәм тарийхый анық кɵзқарасын баянлап берген.
Улыўма алғанда Қарақалпақстан Республикасында шɵлкемлестирилген «Мәнаўият фестивалы» ɵз мақсетлерине ерисе алды ма? Әлбетте, белгили дәрежеде. Себеби, бул еле басланыўы. А.Маврулов ɵз мақаласында әйне пайытта пүткил Ɵзбекстан кɵлеминде әмелге асырылып атырған руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжесине ҳәм оны келешекте және шɵлкемлестириўде нелерге дыққат аўдарыў кереклигине де айрықша тоқтап ɵтеди.
Атап айтқанда, руўхый-ағартыўшылық жумысларымызды режелестириўде жәмийет ағзаларының мәнаўий зәрүрликлерин итибарға алыў, жәмийетшилигимизге инсанлар мәнаўият пидайыларынан күткен нәрселерди бериў ҳәм усы бағдардағы тийкарғы ўазыйпаларды анықлаў сыяқлы пикирлери жүдә орынлы.
Пикирлерден жуўмақ шығаратуғын болсақ, биз мәнаўият ҳәм мәрипатшылар үгит-нәсият жумысларын алып бырыў ҳәм усы жолда ҳәр қыйлы илажларды шɵлкемлестириўде профессор атап ɵткениндей, жоқарыдағы мәселелерди инабатқа алыўымыз, халқымыздың мәнаўий зәрүрликлерин анықлаўда керек болса, социаллық сораўнамалар ɵткерип, халықтың кең қатламына кирип барыўымыз, әҳмийетлиси бунда пидәкерлик пенен излениўлер алып барып, тынымсыз ҳәрекетте болыўымыз дәркар.
Усы кɵзқарастан тарийх илимлериниң докторы, профессор А.Маврулов авторлығындағы әйне усы мақала атамасы менен, яғный «Мәнаўиятты аңлаў – инсанды аңлаў яки «сергеклик қоңыраўы»на қандай мүнәсибет билдирмектемиз?» темасында Республикалық кɵлемде, ҳәттеки, халықаралық маштабта семинар-тренинг, әнжуман ɵткериў идеясы бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири болып табылады, деп ойлаймыз.
Жуўмақлап айтқанда Президентимиздиң атап ɵткениндей, «Мәнаўият мәселеси тек ғана Орай яки тийисли министрликлер менен уйымлардың жумысы емес, ол бәршемиздиң алдымызда турған ең тийкарғы, ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып табылады».
Мақала авторы усы бағдарда бүгинги күни биз ислеўимиз тийис болған нәтийжели жумысларымызға концептуал усыныслар берип, мәнаўият хызметкерлери ушын илажларды ɵткериўде пайдалы кеңеслер бергенлиги менен де дықкатқа ылайықлы ҳәм мақаланы күнделикли турмысымыздағы үгит-нәсиятшылардың сәўбетлеринде, ушырасыўларда методологиялық қолланба сыпатында пайдаланыў да мақсетке муўапық келеди.
Т.Атамуратов,
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлиминиң баслығы
Тарийх илимлериниң кандидаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги