Нөкис қаласындағы Ашық театрда  қол урысы бойынша профессионал спортшылар арасында «World total kombat Federation» халықаралық турнири болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм спорт министрлиги, Ҳуқық қорғаў уйымларының қол урысы федерациясы ҳәм басқада  уйымлар менен биргеликте  шөлкемлестирилген жарыста елимиз спортшылары менен бирге Россия, Беларусь, Украина, Әзербайжан және Камерун мәмлекетлеринен күшли қол урысы шеберлери қатнасты.

Халықаралық турнирдиң салтанатлы ашылыў мәресими болды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Онда шығып сөйлегенлер елимизде Президентимиздиң басшылығында спортты раўажландырыў, өсип киятырған жас әўладты ҳәр тәреплеме саламат инсанлар етип тәрбиялаў, жас спортшыларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Турнирдиң дәслепки беллесиўи 65 килограмм салмақ категориясындағы спортшылар арасында болды.  Онда жерлесимиз, еки мәрте Өзбекстан чемпионы, халықаралық турнирлердиң сыйлы орын ийеси Нурпейс Қарлыбаев әзербайжанлы спортшы, халықаралық турнирлердиң ҳәм жәҳән чемпионатының сыйлы орын ийеси Руслан Маммадовты жеңилиске ушыратты. Сондай-ақ, турнирде 55 килограмм салмақ категориясында жәҳән чемпионы, Миллий гвардияның әскерий хызметкери  Мафтуна Қувондиқова россиялы Диана Саадуллаеваның үстинен әжайып жеңиске еристи.

Буннан тысқары 60 килограмм салмақ категориясында Ишки ислер министрлиги хызметкери, жәҳән чемпионы Шахбоз Турсунов россиялы спортшы Арсен Мутачаевти, 70 килограмм салмақ категориясында жәҳән чемпионы Алым Нармуратов украиналы Евгений Мкртчанды жеңилиске ушыратты.

75 килограмм салмақ категориясындағы спортшылар арасындғы күш сынасыў турнирдиң ең шырайлы беллесиўи болды десек болады. Онда қол урысы бойынша еки  рет мәмлекетимиз чемпионы, халықаралық турнирлердиң жеңимпазы Шерзад Жуманазаров  камерунлы спортшы Рушие Шанелди мүддетинен бурын жеңилиске ушыратты. Усы салмақ категориясында титул беллесиўинде қол урысы бойынша Азия ҳәм жәҳән чемпионы  Жәҳәнгир Жумаев беларусьлы Артём Булоичукты нокаутга ушыратты.

Халықаралық турнир жеңимпазларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қутлықлады, оларға  ақшалай сыйлық ҳәм естелик саўғаларын тапсырды. Шөлкемлестириўшилердиң атап өткениндей, бул халықаралық турнир дәстүрий болып қалады.

 

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги