Соӊғы жыллары ғалаба хабар қуралларыныӊ жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм тәсирин, жумыс нәтийжелилигин арттырыў, олардыӊ материаллық-техникалық базасы, кадрлар потенциалын беккемлеў, тараў хызметкерлериниӊ мийнетлерин ҳәр тәреплеме хошаметлеў бағдарында унамлы реформалар әмелге асырылмақта
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған өзиниӊ қутлықлаўында былайынша атап өткен еди. «Бүгинги күни барлық дәрежедеги басқарыў уйымлары басшыларыныӊ ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер менен турақлы ушырасып, жәмийетлик турмысқа байланыслы әҳмийетли мәселелерди еркин байланыс тийкарында кеӊнен додалаў жақсы әдетке айланып бармақта. Биз бундай қатнасты Өзбекстанда алып барылып атырған ашықлық, жәриялылық ҳәм демократиялық сиясаттыӊ еӊ әҳмийетли бағдарларынан бири деп билемиз ҳәм миллий мәплеримизге жуўап беретуғын бул жолды турақлы даўам еттиремиз.»
Республикамыз баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери де өз ўазыйпаларын шын кеўилден атқарып. Өзлериниӊ кәсиплик байрамын мүнәсип күтип алды.
Байрам мүнәсибети менен пайтахтымыздағы С.Хожаниязов атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында республикамызда дөретиўшилик пенен шуғылланып атырған журналист ҳәм блогерлер, полиграфия саласы хызметкерлери, мийнет ветеранлары, бир қатар мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес уйымлардыӊ басшылары менен ўәкиллериниӊ қатнасыўында салтанатлы илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Д. Қурбаниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Министрлер Кеӊесиниӊ республикамыз Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди. Буннан соӊ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А. Давлетов тараўда көп жыллардан бери жемисли мийнет етип киятырған бир қатар тараў пидайыларына «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген журналист» ҳүрметли атағы, «Ўатан пидайысы» көкирек белгилери ҳәм баҳалы естелик саўғаларын салтанатлы түрде тапсырды.
Сыйлықланғанлар қатарында, өткен жылы пандемия дәўиринде өмирден биймезгил көз жумған кәсиплеслеримиз Қарақалпақстан телерадиокомпаниясыныӊ бурынғы директоры марҳум Бахытбек Елманов ҳәм «Жеткиншек» газетасыныӊ бурынғы бас редакторы марҳум Абдулла Ембергеновлардыӊ да «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген журналист» ҳүрметли атақлары менен сыйлықланғаны жоқары адамгершиликтиӊ айқын көриниси болды.
Буннан соӊ Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы баслығы А. Бекмуратов шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын кәсиплик байрамы менен қутлықлап, быйылғы жылы өзлериниӊ юбилейлерин белгилеп атырған «Қарақалпақстан жаслары», Беруний районыныӊ «Халқ минбари», Қараөзек районыныӊ «Мийнет байрағы», Қанлыкөл районыныӊ «Қанлыкөл хабарлары» газетасы редакциялары ҳәм бир қатар тараў пидайыларын Басқарманыӊ ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықлап ҳәм оларға баҳалы саўғалар тапсырды.
Сондай-ақ, илажда республикамыздыӊ бир қатар министрликлери, шөлкем ҳәм уйымлары тәрепинен де усы тараўларда жүргизилип атырған мәмлекетлик сиясатты үгит-нәсиятлаўдағы белсендилиги ушын бир қатар журналист ҳәм блогерлерге Миннетдаршылық хатлары ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.
-Мениӊ азы-кем мийнетлеримди есапқа алып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген журналист» атағы менен сыйлықлағаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм тараў басшыларына өзимниӊ шексиз миннетдаршылығымды билдиремен,-дейди бизге «Тахтакөпир таӊы» газетасыныӊ редакторы Гүлнара Дәўлетмуратова.
Илаж республика көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған саз-сәўбетли концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги