Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Бул жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери және «UzReport» телеканалы арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.
Олий Мажлис Сенатының он бесинши мәжилисинде Наманган ўәлаятынан сенатор Анна Добрих тәрепинен тоқымашылық санаатында жумыс ислеп атырған исбилерменлердиң жумысында өнимлерди сертификациялаўда бир қатар машқалалар туўдырған Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасында муўапықлығы тастыйықланыўы зәрүр болған муўапықлықты баҳалаў объектлериниң дизимлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы көтерилген еди.
Бул мәселе Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери бойынша комитети тәрепинен үйренилди. Мәжилисте усы үйрениў нәтийжелери ҳаққында Комитет баслығы Э.Гадоев мағлыўмат берди.
Үйрениў нәтийжесине бола, тийкарғы машқала өндирис ушын зәрүр болып есапланған өнимлер (гезлеме, жип-гезлеме, фурнитура ҳәм басқа шийки затлар)диң республикамызға кирип келиўинде, бажыхана рәсмийлестириў процесинде, Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 30-январьдағы қарарына муўапық бажыхана брокерлери тәрепинен муўапықлық сертификатларының берилиўи талап етилип атырғаны мәлим болды.
Буннан тысқары, ислеп шығарыўшылар және халықты қыйнап киятырған басқа да системалы машқалалар анықланған. Атап айтқанда, юридикалық ҳәм физикалық тәреплер қайта ислеў бойынша шийки зат ҳәм қәўипсизлик дәрежеси жоқары болмаған гуманитарлық жәрдем ҳәм техникалық көмек өнимлерин импорт еткенинде де муўапықлық сертификатлары талап етилмекте.
Бул жағдайлар болса кәрханалардың өндирис процесслерине унамсыз тәсир етип, қосымша қаржылардың сарыпланыўына, сырт ел сатып алыўшылары алдындағы миннетлемелердиң өз мүддетинде орынланбай атырғанына және исбилерменлердиң наразылығына себеп болмақта.
Бул бойынша сырт еллердиң тәжирийбеси үйренилгенде өзиниң өндирислик талаплары ушын алып кирилетуғын өнимлерге муўапықлықты баҳалаў талап етилмейтуғыны, ал өнимлер ишки базарға айланысқа шығарылып атырған ўақытта зәрүр екенлиги белгили болған.
Усы мүнәсибет пенен және исбилерменлик жумысының раўажланыўына кесент етип атырған бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў мақсетинде Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкиметлик комиссияға өзиниң өндирислик талаплары ушын пайдаланылатуғын, сондай-ақ, қайта ислеў (толлинг) және гуманитарлық жәрдем ҳәм техникалық көмек мақсетинде импорт етилетуғын өнимлерге муўапықлық сертификатын алыўды қолланбаў усынысы киргизилген.
Сенаттың Комитет баслығы Э.Гадоев Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-июньдеги «Техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында мәмлекетлик басқарыўды түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы Пәрманына тийкарланып өнимлер импортында әпиўайыластырылған бажыхана рәсмийлестириўин енгизиў және 2021-жылы сапа миллий инфраструктурасын раўажландырыў бойынша «Жол картасы»нда бир қатар ўазыйпалар белиленгенлиги себепли жоқарыдағы машқалалардың шешилетуғынын атап өтти.
Сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының мәмлекетлик уйымларда ашық-айдынлықты тәмийинлеў тараўындағы жумысын жетилистириў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Ҳәрекетлер стратегиясында мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен еркинликлери және нызамлы мәплерине байланыслы мәлимлемени бериўдиң заманагөй түрлерин енгизиў мәмлекетлик басқарыў системасын реформалаўдың әҳмийетли бағдары етип белгиленди.
Қысқа ўақыт ишинде бул бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды ҳәм көплеген унамлы нәтийжелерге ерисилди. Атап айтқанда, Ҳүкиметлик портал шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мәлимлемеден еркин ҳәм бийпул пайдаланыў имканиятын беретуғын Өзбекстан Республикасының Ашық мағлыўматлар порталы жумысы жолға қойылды. Қалаберди, «Менинг фикрим», «Очиқ бюджет», «Давлат харидлари», «Шаффоф қурилиш» порталлары сыяқлы онлаған электрон платформалар иске қосылды. Барлық дәрежедеги мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң турақлы жаңаланып туратуғын рәсмий веб-сайтлары жаратылды.
Мәжилисте сенаторлар тәрепинен елимиздеги өзгерислер ҳәм жаңаланыў процесслери, алып барылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәнисин халқымызға дурыс ҳәм толық түсиндириў, миллий мәлимлеме мәканын әдил ҳәм тийкарғы мағлыўматлар менен байытыў зәрүрлиги мәлимлеме сиясаты және ашықлықты тәмийинлеў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер, системалы қадағалаў, соның ишинде, парламентлик қадағалаў үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Мәлимлеме сиясаты ҳәм мәмлекетлик уйымларда ашық-айдынлықты тәмийинлеў мәселелери бойынша комитетин шөлкемлестириў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Қалаберди, усы комитеттиң ўазыйпаларына итибар қаратылды.
Комитет мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў тараўын муўапықластырып барады ҳәм бул бойынша турақлы қадағалаўды әмелге асырады.
Мәжилисте сенатор Фарход Эсанович Боқиев усы Комитет баслығының орынбасары етип сайланды.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Жалпы мәжилисте мәҳәллелердеги жағдай, ҳаял-қызлардың мәплерин қорғаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери додаланды.
Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен алға қойылған «мәҳәлле кесиминде» ҳәм «пуқара кесиминде»ги жумыс усыллары ҳәзирги ўақытта халық мүрәжатлары ҳәм жәмийеттеги көплеген машқалаларды сапластырыўда өзиниң нәтийжесин көрсетпекте. Орынлардағы машқалаларды «мәҳәлле кесиминде» анықлаў ҳәм сапластырыў, атап айтқанда, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, елимизде қарарлар қабыл етиў ҳәм орынлаўдың барлық тараўларында және дәрежелеринде ҳаял-қызлар ҳәм ерлер арасында теңлик принципин қолланыў, ерлер ҳәм ҳаял-қызлардың тең ҳуқықлары ҳәм имканиятларын жүзеге шығарыў ушын шараятлар жаратыў және экономикалық, сиясий ҳәм жәмийетлик турмыста гендер теңлик үгит-нәсиятланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстанда 2030-жылға шекем гендер теңликке ерисиў стратегиясы қабыл етилди.
Және бир тәрепи. Өткен дәўир даўамында мийнет уйымлары тәрепинен 308,8 мың ҳаял-қызларға бәнтлик ҳәм мийнет тараўындағы хызметлер көрсетилди. Жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў бағдарламаларын нәтийжели әмелге асырыў және олардың исбилерменлик жумысы ушын микрокредитлер ажыратыў системасы жетилистирилди.
Мәжилисте Ҳаял-қызлар машқалаларын системалы түрде шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық комиссия баслығы Қ.Рафиқовтың мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, усы жылдың январь-май айларында «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлардан 430 275 ине (99,4 процент) әмелий жәрдемлер көрсетилди. Соның ишинде, 251 363 социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз ҳаял-қызлардың турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўына жәрдемлесилди.
Исбилерменлик етиў тилегин билдирген 66 660 ҳаял-қыздың исбилерменлик көнликпелери арттырылды ҳәм оларға 830 миллиард 37 миллион сумлық кредитлер ажыратылды.
Турақ жай емес жерлерде жасап атырған, өзиниң ямаса бирге жасаўшы шаңарақ ағзаларының атында турақ жай болмаған ҳаял-қызлардан 4 065 ине 8 миллиард 635 миллион сумлық ижара компенсациясы төлеп берилди, 4 769 ы жеңиллетилген арзан турақ жайлар менен тәмийинленди.
«Ҳаял-қызлар дәптери» қоры, «Сақаўат ҳәм көмек» қоры, сондай-ақ, қәўендерлик ҳәм басқа да дәреклер есабынан 36 697 бағыўшысын жойтқан жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларға 27 миллиард 572 миллион сум, 29 040 майыплығы болған ҳәм басқалардың қараўына мүтәж ҳаял-қызларға 21 миллиард 58 миллион сум, 8 103 қарамағында майыплығы болған баласы бар жалғыз ҳаялларға 6 миллиард 959 миллион сум муғдарында материаллық жәрдем көрсетилди.
Онкологиялық кеселликлерди азайтыў мақсетинде 300 893 ҳаял-қызда адам папилломасы вирусына қарсы шаншыў жумыслары алып барылды. 4 миллион 13 мың туўыў жасындағы ҳаял-қызлар тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди.
Қалаберди, «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлар ушын «Ҳаялы қәдирленген ел» сүрени астында елимиз бойлап саяхатлар шөлкемлестириў жолға қойылды.
«Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларға көрсетилген тийисли әмелий жәрдемлер ҳәм олардың машқалаларын шешиў нәтийжесинде ҳәзирги күнге шекем 357 998 ҳаял-қыз халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңеслериниң сессиялары қарарлары тийкарында «Ҳаял-қызлар дәптери» дизиминен шығарылды.
Мәжилисте әмелге асырылған жумыслар менен бирге, социаллық-экономикалық машқалаларды сапластырыў бойынша жол қойылған айырым кемшиликлер сын көзқарастан додаланды.
Атап өтилгениндей, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў мәселелерине барлық аймақларда да бирдей жуўапкершилик пенен қатнас жасалмай атыр. Бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўда немқурайдылыққа жол қойыў жағдайлары да ушыраспақта. Бул бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың вертикал системасының нәтийжели ислеў, өз-ара жуўапкер уйым, шөлкемлер арасында өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў атап өтилди.
Буннан тысқары, жергиликли Кеңеслер «Темир дәптер», «Жаслар дәптери», «Ҳаял-қызлар дәптери» менен ислесиў бойынша кемшиликлерге жол қойылғанлығы атап өтилди.
Қалаберди, жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлерден халықтың, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламы, соның ишинде, ҳаял-қызлардың хабардарлығы жетерли дәрежеде емеслиги, бул бағдардағы жумысларға да айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги белгиленди.
Сенаторлар тәрепинен жәмийетте ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий, экономикалық белсендилигин арттырыў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, шаңарақ қатнасықларын буннан былай да жақсылаўға қаратылған илажларды және де күшейтиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Жалпы мәжилисте Сенат ағзалары Ташкент ўәлаятының Аққорған, Аҳангаран, Бекабад, Бостанлық, Бўка, Зангиата, Жоқары Шыршық, Қыбрай, Паркент, Пискент, Орта Шыршық, Янгийўл районлары ҳәм Алмалық, Шыршық, Ангрен, Янгийўл, Бекабад қалаларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселени додалады.
Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде Ташкент ўәлаятының бир қанша район ҳәм қалалары, соның ишинде, ўәлаяттың Ангрен ҳәм Бекабад қалалары және Қыбрай ҳәм Пискент районлары басқа район ҳәм қалаларда жайласқан «анклав» аймақларға ийе. Бул жағдайлар жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиўдиң нәтийжели шөлкемлестирилиўи, халықтың социаллық тәмийинлениўи ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара қатнасықларын әмелге асырыўы, жас өспиримлердиң билимлендириў процесин қадағалаў және оларды район (қала) дәрежесиндеги ғалабалық илажларға тартыў ҳәм басқа да процесслерде машқалалардың пайда болыўына себеп болмақта.
Бир ғана мысал, Бекабад районында жайласқан Истиқбол мәҳәллеси пуқаралары, Бекабад қаласы Янги ҳаёт мәҳәлле аймағында жайласқан мектепте билим алады, емлениў ушын Бекабад қаласында жайласқан орайлық емлеўханаға барады, сондай-ақ, барлық коммуналлық бағдардағы хызметлерди қалалық шөлкемлер көрсетеди.
Буннан тысқары, Ангрен қаласындағы «Красногорск» посёлкасында пуқараларына коммуналлық хызмет көрсетиў, соның ишинде, электр менен тәмийинлеў, ишимлик суўы, газ бенен тәмийинлеў және банк хызметлери Паркент районы тәрепинен әмелге асырылады. «Красногорск» посёлкасының пуқаралары емлениў ушын да Паркент районында жайласқан орайлық емлеўханаға қатнайды.
Бул болса усы аймақлар халқының турмысында ҳәр қыйлы қыйыншылықлардың келип шығыўына себеп болмақта.
Сол себепли, Өзбекстан Республикасы Конституциясы және «Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына тийкарланып Ташкент ўәлаятының жоқарыда атап өтилген район ҳәм қалаларының шегараларын өзгертиў усынысы алға қойылмақта. Жәми өзгертилип атырған район ҳәм қалалар шегараларының жер майданы 17 359,1 гектар болып, соннан 10 084,8 гектары аўыл хожалығы жерлери болып есапланады.
Нәтийжеде Ташкент ўәлаяты ҳәкимшилик-аймақлық бирликлер шегараларын тәртипке салыў анклав аймақларды сапластырыў және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимликлер уйымлары тәрепинен аймақлық басқарыўды және де әпиўайыластырыўға, қалаберди, ҳәкимшилик-аймақлық бирликлердиң социаллық-экономикалық раўажландырылыўына алып келеди.
Сондай-ақ, Ташкент ўәлаятының қалаларын 2021-2030-жыллары раўажландырыў ушын зәрүр болған аймақларды белгилеў, усы дәўирде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, жаңа турақ жай массивлерин қурыў арқалы қалалардың өсип баратырған халқының мүтәжликлерин қанаатландырыўға хызмет етеди.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан кейин халық депутатлары Қаршы районлық Кеңесиниң 2020-жыл 16-апрельдеги «Районда дийқан ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды және де күшейтиў, фермерлердиң финанслық жағдайын буннан былай да жақсылаў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында»ғы 34/06-06-санлы қарарын үйрениў нәтийжелери додаланды.
Анықланыўынша, Қаршы районы ҳәкиминиң 2019-жыл 13-февральдағы Х-1749/02-санлы қарарына тийкарланып фермер хожалығын шөлкемлестириў ушын пуқара Д.Элмурадовқа 10,1 гектар жер майданы 49 жылға ижараға ажыратып берилген. Бирақ халық депутатлары Қаршы районлық Кеңесиниң 2020-жыл 16-апрельдеги 34/06-06-санлы қарары әмелдеги бир қатар нызамшылық ҳүжжетлерине қайшы түрде қабыл етилген.
Атап айтқанда, халық депутатлары Қаршы районлық Кеңесиниң 2020-жыл 16-апрельдеги 34/06-06-санлы қарары менен Элмуродов Дилшод («Бағы абат агро» фермер хожалығы) ҳәм және 16 дийқан ҳәм фермер хожалықлары менен дүзилген жер ижара шәртнамасы нызамсыз түрде бийкар етилген.
Пуқаралық кодексиниң 382-статьясына муўапық шәртнама тәреплердиң келисиўине муўапық өзгертилиўи ҳәм бийкар етилиўи мүмкин.
Қалаберди, Жер кодексиниң 24-статьясы және «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы Нызамның 13-статьясына бола жер участкаларын ижараға алыў шәртнмасын мүддетинен алдын бийкар етиў тәреплердиң келисими менен, ондай келисимге ерисилмеген жағдайда болса судтың шешиўши қарары менен әмелге асырылады.
Буннан тысқары, «Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы Нызамның 9-статьясында ҳәкимшилик уйым мәпдар шахсқа ҳәкимшилик ҳүжжетти қабыл етиў ушын әҳмийетке ийе болған барлық жағдайлар бойынша өз пикирин билдириў имканиятын бериў шәрт екенлиги белгиленген болса да, қарар қабыл етиўде дийқан ҳәм фермер хожалығы басшыларының қатнасы тәмийинленбеген ҳәм оған жағдай бойынша өз пикирлерин билдириў имканияты берилмеген.
Усы Нызамның 19-статьясына муўапық ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар принциплерине муўапық емес ҳәкимшилик ҳүжжетлердиң ҳәм ҳәкимшилик ҳәрекетлердиң бийкар етилиўине ямаса қайта көрип шығылыўына алып келеди.
Сол жағынан халық депутатлары Қаршы районлық Кеңесиниң усы қарарын бийкар етиў ҳаққында Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Сенаторлар қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери донорлығы тараўын раўажландырыў ушын көрилип атырған илажлар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораўын жибериў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.
Атап өтилгениндей, Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери бойынша комитети тәрепинен аймақларда қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери донорлығына байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы додаланды.
Бүгинги күнде, денсаўлықты сақлаў системасындағы қан қуйыў хызмети Республикалық қан қуйыў орайы, Ташкент қаласы «Қан препаратлары» илимий өндирислик кәрханасы, Қарақалпақстан Республикасы қан қуйыў станциясы ҳәм 12 ўәлаятдағы қан қуйыў станциясы, 2 республикамыз қарамағындағы қан қуйыў станциясы мәкемелери және 196 қан қуйыў бөлимлеринен ибарат.
Республикалық қан қуйыў орайы тәрепинен қан препаратларын ислеп шығарыў бөлими ушын бюджеттен тысқары қаржылар есабынан бес жүз миллиард сумнан артық зәрүр үскенелер сатып алынып, орнатылған.
Ҳәзирги күнде дүнья жәмийетшилигин тәшўишке салып атырған пандемия шараятында елимизде қан ислеп шығыў, қан резервин қәлиплестириў әмелиятын талап дәрежесинде жолға қойыў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири екенлиги айрықша айтып өтилди.
Мәжилисте елимизде саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери донорлығы тараўында мәмлекетлик сиясатты жетилистириў мақсетинде қан ҳәм оның қурамлық бөлеклерин раўажландырыў бойынша Концепция ислеп шығыў, қан қуйыў мәкемелериниң материаллық-техникалық жағдайын жақсылаў, тараўға мәлимлеме-технологияларын енгизиў, донорлар ҳәм қан резервлери ҳаққындағы мағлыўматлар алмасыўы ушын санластырыўды жолға қойыў, республикамыз аймақларында мобиль бригадалар тәрепинен қан резервин арттырыўға тийкарғы әҳмийет қаратыў, қан қуйыў мәкемелерин көшпели донорлық комплекслери менен тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Соның менен бирге, қан қуйыў орайларында қан компонентлерин таярлаўшы әсбап-үскенелерди күнделикли түрде тексериўден өткерип, үзликсиз оңлайтуғын қәнигелер таярлаўды жолға қойыў, кеўилли ҳәм бийғәрез донорлықты үгит-нәсиятлаў бойынша белсендилер (волонтёрлар)диң ҳәрекетин раўажландырыў, қан ҳәм оның қурамлық бөлеклери донорлығынан қәўипсиз ҳәм нәтийжели пайдаланыў мақсетинде заманагөй алдыңғы технологияларды енгизиў, онда донор қанын гемотрансмиссив инфекцияларға (АИВ, гепатит В,С) заманагөй усылларда (ПЦР аппараты арқалы) тексериўди жолға қойыў мәселелерине итибар берилди.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан соң ақаба суў тазалаў қурылмаларында пайда болып атырған машқала ҳәм кемшиликлердиң қорщаған орталық және халықтың саламатлығына тәсири ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Ақаба суў тазалаў қурылмаларының ислеўи орынларда үйренилип, елимиздиң 5,6 миллион (17 процент) халқы ақаба суў хызмети менен тәмийинленгенлиги, сондай-ақ, ҳәзирги күнде аймақлардағы жәми 58 ири ақаба суў тазалаў қурылмаларының 49 ы (84 процент), 8,6 мың км ақаба суў тармақларының 1,9 мың км (22 процент) бөлеги оңлаўға мүтәж жағдайда екенлиги атап өтилди.
Бул қурылмалар үш басқыштаҮ механикалық, биологиялық ҳәм химиялық тазалаў функциясын орынлаўға қәнигелескен болып, айырым қурылмаларда тек ғана механикалық тазалаў жумыслары орынланбақта.
Буннан тысқары, Ташкент қаласының Салар, Бозсуў, Бектемир және Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қалалық ақаба суў тазалаў қурылмалары бүгинги күнде оңлаўға мүтәж жағдайға келип қалғаны анықланған.
Соның менен бирге, жергиликли ақаба суў тазалаў қурылмалары талапқа жуўап бермей канализация тармақларына ақабалардың норма дәрежесинде тазаланбай таслап жиберилип атырылғанлығы мәлим болған.
Республикамыздың барлық ўәлаятларында ақаба суў тазалаў қурылмалары оңлаўға мүтәж, маман кадрлардың жетиспеўшилиги ҳәм үскенелердиң ескиргени себепли толық пайдаланылмай ақаба суўлар зыянсызландырылмастан имаратқа жақын болған дәрьялар ҳәм жапларға ағызып жиберилмекте.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Соң 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларда нәзерде тутылған инфраструктураны жаратыў, санаатласыў ҳәм инновацияларға жәрдемлесиў мақсетине ерисиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери додаланды.
Атап өтилгениндей, бул бағдарда турақлы жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, Мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың жумысын базар механизмлери тийкарында басқарыўды және де жеделлестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 27-октябрьдеги 6096-санлы Пәрманы қабыл етилип, оған муўапық бүгинги күнге шекем 541 мәмлекетлик үлеси бар кәрхананың 247 си 2,3 триллион сум баҳада саўдаға шығарылып, 96 сы 411,6 миллиард сумға сатылған.
Мәмлекетлик геология комитети қарамағындағы 6 ири мәмлекетлик кәрханалар акционерлик жәмийетлери сыпатында қайта шөлкемлестирилип, олардың бақлаў кеңеслерине 6 сырт ел маман экспертлери еркин ағза сыпатында тартылған.
Геологиялық излениўлер бағдарында 400 миллион долларлық кредит шәртнамалары рәсмийлестирилип, халықаралық банклер менен 900 миллион долларлық синдикатланған кредит ажыратыў ҳаққында келисимлер дүзилген.
Бос турған ҳәм пайдаланылмай атырған өндирис қуўатлықларын (объектлер) өндириске тартыў бойынша өткерилген хатлаўлар нәтийжесинде 27 675 объект анықланып, 1 215 объект бос турғанлар категориясынан шығарылып, 1 146 объекттен келешекте нәтийжели пайдаланыў белгиленип, 744 жаңа объекттен нәтийжели пайдаланыў илажлары көрилген.
Жанылғы-энергетика ҳәм таў-кән металлургия санаатлары кәрханаларында ресурс ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў дәрежесин арттырыў, технологиялық ысырапгершиликлерди азайтыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 10-июльдеги 4779-санлы қарары менен жанылғы-энергетика ресурсларын үнемлеў бойынша «Жол картасы» тастыйықланып, илажлар белгилеп алынған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 22-декабрьдеги 2692-санлы қарары менен 2017-2021-жыллары санаат тармағы кәрханалары ушын өндирис қәрежетлерин қысқартыўдың мақсетли параметрлери тастыйықланған.
Тутыныўшыларды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде системалы жумыслар жолға қойылып өткен дәўир ишинде республикамыз аймағында 25 мың км электр жалғаў тармақлары және 8 мыңнан аслам трансформатор пунктлери жаңаланған, реконструкцияланғаны нәтийжесинде 1,7 миллионнан аслам халық шаңарақларында электр менен тәмийнлениў жақсыланған.
Экономика тармақларының технологиялық потенциалын арттырыўға қаратылған илимий-изертлеўлердиң санын арттырыў, инновациялық жумыс ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Илимлер академиясының тиийсли бағдардағы илимий шөлкемлериниң илимий қолланбаларын коммерцияластырыў бойынша «Жол карта»сы ислеп шығылған.
Санатта өндиристи диверсификациялаў ҳәм шийки зат тараўларында қайта ислеўди көбейтиў, инновациялар ҳәм қолланбаларды тартыўды қоллап-қуўатлаў бойынша көрилип атырған илажлар нәтийжесинде 2010-2020-жыллары санааттағы жалпы қосымша қунның орташа жыллық өсиў пәти 105,5 проентти, экономика тармақлары бойынша 106,3 процентти қураған.
Санаатты санластырыў, модернизациялаў ҳәм диверсификациялаўды жеделлестириў, жеке меншик секторды раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, санаатта базар механизмлерин кеңнен енгизиў, илимий жетискенликлерден нәтийжели пайдаланыў мақсетинде 2030-жылға шекем санаатты раўажландырыў стратегиясы ислеп шығылған.
Мәлимлеме-коммуникация технологияларынн раўажландырыў ҳәм экономиканы санластырыў көлемин кеңейтиў бойынша телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў ушын тараўда ири инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы тәмийинленген.
Оптикалық талшықлы байланыс линияларының узынлығы 81 мың кмди қурап усы жылдың ақырына шекем 118,6 мың кмге жеткериў режелестирилген.
Ҳәзирги күнге шекем 1,7 миллион кең полосалы интернет тармаына жалғаныў портлары орнатылып олардың улыўма санының 2021-жылдың ақырына шекем 3,9 миллионға жеткерилиўи режелестирилген.
Социаллық тараў объектлерин жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинлеў шеңберинде 9 347 халық билимлендириў, 5 625 мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ҳәм 3 401 денсаўлықты сақлаў объектлериниң жоқары тезликтеги интернет тармағына жалғаныў имканияты жаратылған.
Буннан тысқары, оператор ҳәм провайдерлерге интернет хызметлери ушын техникалық қуўталықларды кескин арттырыў есабынан 2019-жылдың усы дәўирине салыстырғанда байланыс каналларының ижарасы тарифлери 2 есеге, 2020-жыл даўамында интернет хызмети тарифлери 29 процентке арзанлатылды.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сентының тийисли қарары қабыл етилди.
Жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-июньдеги «Техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында мәмлекетлик басқарыўды түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы ПП-6240-санлы Пәрманын тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Қалаберди, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қурамына өзгерислер киргизиў және Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққында қарарлар қабыл етилди.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлис Сенатының
Мәлимлеме хызмети