Дүньяның ең сулыў университетлери
Times Higher Education журналы дүньяның ең сулыў университетлери дизимин дүзди, деп жазады National Geographic.
1-орын: Болония университети
Италияның Болония университети дүньяның ең әййемги университети есапланады. Оған 1088-жылы тийкар салынған.
2-орын: Саламанка университети
Испаниядағы Саламанка университети мәмлекеттеги ең әййемги университет есапланады. Оған 1134-жылы тийкар салынған.
3-орын: Коимбра университети
1290-жылы тийкар салынған Коимбра университети Португалияда жайласқан.
4-орын: Росток университети
Росток университети Германияның ең әййемги университетлеринен бири есапланады. Имаратлары готика усылында қурылған.
5-орын: Орхус университети
Орхус университети Данияның үлкенлиги бойынша екинши орында туратуғын қаласында жайласқан. Бул университет инсан дөретиўшилиги ҳәм тәбият жаратқан нәрселердиң жәмлесиўинде бар болыўдың тымсалы саналады.
6-орын: Гданск политехника университети
Гданск технология университети кампусы бир неше архитектуралық усылларда қурылған. Оның бас имараты жаңа ренессанс усылында жойбарластырылған ҳәм университеттиң ең белгили имаратларынан есапланады.
7-орын: Уппсала университети
Уппсала университети архитектор Герман Теодар Холмгрен тәрепинен роман усылында жойбарластырылған.
8-орын: Гренобл университети – Алплар
Францияның Гренобл қаласында жайласқан университет Алп таўлары тусында жайласқан. Кампус аймағы 175 гектар майданды ийелейди.
9-орын: Тринити-коллеж (Дублин)
Дублиндеги Тринити-колледжине 1592-жылы тийкар салынған. Колледж имаратында бир неше мәрте филмлер сүўретке алынған.
10-орын: М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университети
Москва университети Россияның ең әййемги университети есапланады. Оған 1755-жылы тийкар салынған.
Дәрек: daryo.uz
Райхан Даниярова,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 2-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги