Соңғы жылларда мәмлекетимизде жылқышылық ҳәм ат спортын раўажландырыў, бул спорт түрин жаслар арасында кеңнен ен жайдырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў басқармасы Қараөзек районлараралық Қорғаныў бөлими, районлық ат спорты комитети ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими менен биргеликте әмелий көргизбе шөлкемлестирилди.

Илаж даўамында ат спортының инсан саламатлығына унамлы тәсири ҳәм ат спортын буннан былай да раўажландырыў бойынша жаслардың пикир- усыныслары тыңланды.

Илаж соңында талантлы оқыўшы жаслар тәрепинен миллий қосықлар атқарылды.

 

Райхан Даниярова,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 2-курс  студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги