Мойнақ районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген «Ралли Мойнақ-2021» автомобиль спорты жарысы болып өтти.
Жарыс «А-8», «А-9» автомобиль класслары, «Багги» ҳәм мотоцикллер бойынша өткерилип, онда 51 автомобиль экипажы, 15 мотоцикл ҳәм 10 баггиде жәми 127 спортшы қатнасты. «Кемелер музейи»нен старт алған жарыс қатнасыўшылары Қаражар-Судечье көли-Үстүрт платосы-Арал теңизиниң батыс жағалаўында жайласқан Ақтумсыққа шекемги аралыққа болған маршрут бойлап ҳәрекетленди.
Қызықлы болып өткен жарыста жеңимпазлар анықланды. Онда «А-8», «А-9» автомобиль класслары бойынша биринши орынларды ийелеген қарақалпақстанлы Ж.Муханов пенен Ш.Темиров, И.Абдикаримов пенен Ш.Сапарбаевларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен Президент саўғасы «Нексия-3» автомашиналары тапсырылды.
«А-8» автомобиль класы бойынша екинши орынды ийелеген Әндижан ўәлаятынан Т.Нарзиқулов ҳәм Қ.Нарзиқуловлар 15 миллион сум, үшинши орынды ийелеген Хорезм ўәлаятынан М.Бегиев пенен М.Аташовлар 7 миллион сум, «А-9» автомобиль класы бойынша екинши орынды ийелеген Жиззак ўәлаятынан Б.Одилов ҳәм С.Муминовлар 15 миллион сум, үшинши орынды ийелеген Жиззақ ўәлаятынан Ш.Хатамов пенен А.Туроповлар 7 миллион сум менен сыйлықланды.
Баггилер жарысында биринши орынды ийелеген Жиззак ўәлаятынан З.Одиловға 15 миллион сум, екинши орынды ийелеген Самарқанд ўәлаятынан Ф.Атхамовға 7 миллион сум, мотоцикллер жарысында финишке биринши болып келген Бухара ўәлаятынан Б.Ахмедовқа 15 миллион сум, екинши орынды ийелеген Қарақалпақстан Республикасынан Б.Асабаевқа 7 миллион сум, үшинши орынды ийелеген Әндижан ўәлаятынан О.Чоловқа 3 миллион сум ақшалай сыйлық тапсырылды.
Буннан тысқары, спорт мотоциклин басқаратуғын жалғыз спортшы қыз Хорезм ўәлаятынан Г.Ибадуллаева, жарысты шөлкемлестириўде белсене қатнасқан спортшылар және төрешилер шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги