Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми менен биргеликте усы жылдың 18-20-июнь күнлери Мойнақ районында «Ралли Мойнақ – 2021» автомобиль спорты жарыслары шөлкемлестирилмекте.

 

Бас Прокуратураның хабар бериўинше, жарысларға 51 автомобиль экипажы, 15 мотоцикл, 10 баггиде улыўма 127 спортшы қатнаспақта.

 

Бүгин, 18-июнь күни раллидиң салтанатлы ашылыўы болып өтти ҳәм жарысларға старт берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.