Усы жыл 16-июнь күни Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жоқары билимлендириў системасындағы тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти. Онда жасларды билимли ҳәм дүньялық билимге ийе маман кадрлар етип тәрбиялаў, билимлендириў системасын избе-из раўажландырыӯ, жоқары оқыӯ орынларының финанслық жағдайын жақсылаў, профессор-оқытыўшыларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мәселелери сөз етилди. Шынында да, елимизде соңғы жыллары тәлим-тәрбия системасын түпкиликли реформалаўға айрықша итибар қаратылып, жасларымыздың дүнья жүзи талаплары дәрежесинде билим алыўы, және кәсип-өнер ийелеўине, физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик инсанлар болып жетилисиўине, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыўына айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Сонлықтан, соңғы 3 жылда жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны ҳәм қабыллаў квоталары артты. Олардың материаллық-техникалық базасы беккемленди. Профессор-оқытыўшылардың мийнет ҳақысы орташа  3,5 есеге арттырылды.

Деген менен, мәмлекетимиз басшысы сапа бағдарында өзгерислер еле сезилмей атырғанлығын, билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, оқыў ислерин базар талапларынан келип шығып шөлкемлестириў мәселеси Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, ректорлардың итибарынан шетте қалып кеткенлигин айтып өтти.

Атап айтқанда, бүгинги күндеги 815 бағдардың 55 проценти мийнет базарының талапларына жуўап бермейтуғынлығы, Жоқары билимлендириў мәкемелери 2 мыңға шамалас пәнлер бойынша сабақлықлар менен тәмийинленбегенлиги, оқыў бағдарламалары буннан ескирген пән ҳәм бағдарлар тийкарында дүзилгенлиги сын көз қарастан атап өтилди. Буннан тысқары, тараӯда коррупция менен байланыслы жағдайлар елеге шекем ушырасып атырғанлығы қатаң сынға алынды.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тараўдағы 4 тийкарғы ўазыйпаны көрсетип өтти. Бул ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўы ушын жоқары билимлендириў мәкемелерине академиялық ҳәм шөлкемлестириўшилик-басқарыў бойынша еркин қарар қабыл етиў ўәкиллигиниң берилетуғынлғы атап өтилди.

Соны айтып өтиӯ орынлы, яғный, буннан былай, оқыў режеси ҳәм әдебиятлар, пән бағдарламаларын енгизиў, профессор-оқытыўшылардың оқыў жүклемеси ҳәм дем алыс түрлерин белгилеўди жоқары оқыў орнының басқарыў кеңеси өзи шешетуғынлығы, сондай-ақ, буннан былай ҳәр бир кафедраның жумысы оның илимий потенциалы ҳәм жасларды селекция тийкарында илимий жумысқа тартыў көрсеткишлерине қарап баҳаланатуғынлығы атап өтилди.

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорларына кафедралар жанында илимий-изертлеў орайлары шөлкемлестирип, оларды оқыў-лаборатория үскенелери ҳәм зәрүр техника менен тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды. Ҳәр бир кафедраның тармақ кәрханалары менен бирге ислесиўин жолға қойыў, оқытыўшылардың кәрханаларда әмелий изертлеўлер өткериўине шараят жаратыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.

Сондай-ақ, жоқары оқыӯ орынларында заманагөй оқыў әдебиятлары ҳәм көргизбели қураллар менен тәмийинлеў, илим ҳәм өндирис арасындағы интеграцияны буннан былай да жетилистириў нәзерде тутылмақта. Соның менен бирге, илимий-изертлеўлер менен өндирис тармақлары арасында өз-ара бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлерин жолға қойыў, сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў, мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарлама бойынша орынланыўы мөлшерленген илимий-изертлеўлер, инновацияны енгизиў тараўында  халықаралық бирге ислесиў механизмлерин ислеп шығыў ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў белгиленген.

Әлбетте, Президентимиз тәрепинен елимизде жоқары билимлендириўге қаратылып атырған айрықша итибар тараўда жаңа басқышты баслап бермекте.  Демек, тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған бундай ийгиликли ислер жақын келешекте өзиниң унамлы нәтийжесин берери сөзсиз.

 

Аманжол АЯПОВ,

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры, филология илимлериниң кандидаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги