Нөкисте биринши мәрте қум гүреси бойынша Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген жарысқа республикамыздың қала ҳәм районларынан 200ден аслам палўан қатнасты.

Еки күн даўам еткен жарыста өз салмақ категориясында ер балалар арасында Қоңырат районынан Қуралбек Аяпов, Нөкис қаласынан Әзизбек Генжебаев, Шымбай районынан Сийпатдин Нуратдинов, Нөкис районынан Захириддин Зайтов,  қызлар арасында Хожели районынан Зухра Исакова, Умида Жуманиязова, Нафиса Рейимбаева, Нөкис қаласынан Гүлқумар Жанназарова, Мойнақ районынан Сабрина Узақбаева ҳәм басқалар биринши орынларды ийелеп, Қарақалпақстан чемпионы болды.

-Қум гүреси бойынша жарыс биринши мәрте өткерилип атырғанына қарамастан бәршеде айрықша қызығыўшылық оятты,-дейди 52 килограмм салмақта Қарақалпақстан чемпионы Умида Жуманиязова.-Самбо бойынша Ташкент қаласында өткерилген жәҳән чемпионатында биринши орынды ийлеген болсам, белбеўли гүрес ҳәм дзюдо бойынша Өзбекстан чемпионы болдым. Енди қум гүреси бойынша да елимиздиң чемпионы болыўды мақсет еткенмен.

Жарыс жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом және естелик саўғалары тапсырылды. Жеңимпазлар 22 ҳәм 27-июнь күнлери Наманган ўәлаятында болып өтетуғын қум гүреси бойынша Өзбекстан чемпионатына жоллама алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы