Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм БМШтың Раўажланыў Бағдарламасы тәрепинен Жәҳән банки және Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки жәрдеминде Орайлық Азия басшы ҳаялларының қарым-қатнасы шеңберинде «Орайлық Азия ҳәм Аўғанстанда турақлы раўажланыўға қарай ҳаял-қызлардың экономикалық ҳуқықлары ҳәм имканиятларын кеңейтиў» халықаралық форумы өткерилди.

Мәмлекетлердиң абаданлығы көпшилик жағдайда ҳаял-қызлардың абаданлығы, олардың экономикалық ҳуқықлары ҳәм имканиятларының кеңейиўине, әсиресе, исбилерменлик тараўында кеңейиўине байланыслылығы, бул болса гендер теңликти тәмийинлеўге, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм тийкарғы хызметлерден пайдаланыў имканиятларын жақсылаўға мүмкиншилик беретуғыны атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен форум қатнасыўшылары ҳаял-қызлардың мийнет базарындағы қатнасын хошаметлеў, оларды мәмлекетлик-жеке меншик секторға тартыў мақсетинде Орайлық Азияда ҳаял-қызлардың дөретиўшилик, исбилерменлик потенциалын толық жүзеге шығарыўдың нәтийжели усылларын ислеп шығыў, ҳаял-қызлардың исбилерменлик тараўындағы жумысын кеңейтиў, нызамшылық базасын ҳәм экономикалық сиясатты жетилистириў бойынша ҳәрекетлерди даўам еттириў, тең қунлы мийнет ушын бирдей муғдарда мийнет ҳақы төлениўин тәмийинлеў, жумыста кемситиўди сапластырыўды үгит-нәсиятлады.

– Соңғы 20 жыл даўамында Орайлық Азия мәмлекетлериниң парламентлеринде ҳаял-қызлар үлесиниң 2 есеге арттырылғаны үлкен жетискенлик, деп есаплайман, – дейди Сенат Баслығы Танзила Норбоева. –  10 жылдан берли жумыс ислеўге тартылған ҳаял-қызлардың үлеси орташа 65 процентти қурамақта. Мине усы статистика ҳаял-қызларсыз экономиканы раўажландырыў мүмкин емеслигине дәлил болып есапланады. Өзбекстанда да ҳаял-қызлар мәселелерине айрықша  итибар берилип атыр.  Тек ғана бир мысал: 190 мәмлекет парламентлерин бирлестирген Парламентлераралық аўқамның атап өтиўинше, ҳаял-қызлардың парламент ҳәм ҳүкимет шеңберинде қатнасы бойынша Өзбекстан аўқамға ағза мәмлекетлер арасында 45-орынды ийеледи. Бул көрсеткиш бойынша елимиз тек ғана регионда емес, ал бир қатар раўажланған Батыс мәмлекетлери – АҚШ, Германия, Австралия, Канададан жоқары басқышқа шығып алды. 3-4 жыл бурын 128-орында туратуғын едик. Күни кеше Сенаттың жалпы мәжилисинде әҳмийетли ҳүжжет – 2030-жылға шекем гендер теңликке ерисиў стратегиясы қабыл етилди. Стратегия үстинде 1 жылдан көбирек ўақыт даўамында иследик ҳәм халықаралық баҳалаў индикаторларына бейимлестирдик. Бул ҳүжжет арқалы ҳаял-қызларды басшылыққа таярлап, усыныс етип барамыз, бәнтлик мәселелерин күшейтемиз, олардың финанслық ресурсларға ийелик етиў ҳуқықларын қатаң талап етемиз.

Атап өтилиўинше, бул ўазыйпалар менен тек ғана ҳаял-қызлар мәселелери менен шуғылланатуғын  шөлкемлер емес, ал министрликлер, ҳәкимликлер де шуғылланады. Буннан тысқары, ҳаял-қызларға кредит ажыратыў мақсетинде республика дәрежесинде ҳаял-қызлар мақсетли қоры шөлкемлестирилип, мәмлекетлик бюджеттен ҳәр жылы 300 миллиард сум ажыратылатуғыны белгилеп қойылды. Социаллық жақтан мүтәж болған 1,5 миллион ҳаял-қызды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша жумыс алып барылып атыр.

Бирге ислесиўдиң ең перспективалы бағдарларын анықлаў, жақын ҳәм орта мүддетли перспективалы режелер дүзиў ушырасыўдың және бир әҳмийетли тәрепи болып есапланады. Усы жерде, қатнасыўшы мәмлекетлердиң исбилермен ҳаяллары арасында бирге ислесиў келисимлери өзбек ҳаял исбилерменлери ушын және бир әҳмийетли қәдем десек қәте болмайтуғынын атап өтиў мүмкин.

Ҳәммемизге белгили, Орайлық Азияда гендер кемситиўлер, кәмбағаллық, ҳаяллар ушын имканиятлардың шеклениўи оларға тиккелей унамсыз тәсир ететуғын факторлардан бири болып есапланады. Айырым жағдайларда ҳаял-қызлар тийкарынан дәстүрий жумыс орынларында, мәселен, турмыслық мийнет, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, усақлап сатыў ҳәм туризм тараўларында жумыс ислейди, бирақ олардың жоқарғы лаўазымларға ерисиўи бир қанша дәрежеде шекленген еди.

Бул бағдарда Өзбекстан баслама менен шығып  ҳаял-қызларға мисли көрилмеген имканиятлар жаратпақта. Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерде басшылық лаўазымларда өзин сынап көриўи ушын тийкар жаратып берилмекте. Оның нәтийжесинде елимизде көплеген ҳаял-қызлар шаңарағын тәмийинлеп, шаңарағына материаллық жақтан жәрдемлеспекте.

Форум шеңберинде Республикалық Гендер теңликти тәмийинлеў бойынша комиссия ағзасы Саида Мирзиёева да пикирлерин билдирди.

– Ҳүрметли ҳаял-қызлар, сиз өмирди жақсы тәрепке өзгертип атырсыз, айдын келешек ҳаққында ойлайсыз, ең әҳмийетлиси, елимиздиң раўажланыўы ушын жуўапкермен, деп есаплайсыз. Өмир жолындағы тосқынлықлардан қорықпайсыз. Ҳақыйқый ҳаяллар мине усындай болыўы керек. Биз ҳәммемиз бир күш екенлигимизди түсинемиз. Бизиң мақсетимиз адамлар бахытлы ҳәм абадан жасаўы болып табылады. Бүгинги ушырасыўымызда көплеген әҳмийетли мәселелер додаланады. Олар – ҳаял-қызларды экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаў, социаллық қорғаў, балалар тәлим-тәрбиясы сыяқлы темалар. Бул жерге жыйналғанымыздан ең үлкен мақсет – өз-ара тәжирийбе алмасыў, жаңа билимлерди өзлестириў ҳәм бир-биримизге жәрдем бериў болып есапланады. Бүгинги күнде жүдә әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, ҳаял-қызлардың тең мийнет қатнасықларын тәмийинлеў, билим алыў ҳуқықын кепиллеў көрип шығылмақта. Улыўма алғанда, ҳаял-қызлар тәлими – айдын келешек гилти, – деди С.Мирзиёева.

Халықаралық форум жуўмақлары бойынша Орайлық Азияның басшы ҳаяллары пикирлесиўиниң Биргеликтеги билдириўи ҳәм Орайлық Азия және Аўғанстан исбилермен ҳаял-қызлары арасында турақлы раўажланыў тараўындағы бирге ислесиў бойынша «Жол картасы» қабыл етилди.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы