Усы жыл 12-16-июнь күнлери аралығында Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығы кубоги ушын спорттың мини футбол түринен жарыс өткерилди.
Онда қатнасқан Нөкис районының “Ақмаӊғыт” командасы 14 команда ишинде сыйлы 4-орынды ийелеп қайтты.
Кубок ойынларында Ақмаӊғыт командасы Сурхандәрья ўәлаяты командасын 3:1 есабында, Наўайы ўәлаяты командасын 1:0 есабында ҳәм Бухара ўәлаятыныӊ командасын 1:0 есабында жеӊип шығып, ярым финаль басқышына жолламаны қол киргизди.
Ярым финальда Қашқадәрья ўәлаятынан 1:2 есабында жеӊилип 4 орынды алыўға еристи.
Споршылар Нөкис районы ҳәкимияты алдында салтанатлы жағдайда күтип алынды. Онда район ҳәкими О.Уснатдинов шығып сөйлеп, спортшыларды ерискен табысы менен қутлықлады ҳәм оларға естелик саўғалар тапсырды.
Салтанатлы сыйлықлаў мәресиминде Ақмаӊғыт командасыныӊ тренери Серикбай Жалғасов “Еӊ жақсы тренер” номинациясы бойынша жеӊимпаз болып, «Street workout» майданшасын қурып бериў сертификатын қолға киргизди.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы