Усы жылдың 15-июнь күни Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов Бавария Федерал жериниң Бас министри Маркус Зёдер менен видеоконференция тәризинде ушырасыў өткерди.
Баварияның Бас министрине Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклери жеткерилди.
Бавария Бас министри Маркус Зёдер Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар ҳәм өзгерислерди қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм жоқары баҳалайтуғынын билдирди.
Ушырасыўда тәреплер мәмлекетимиз басшысының Германия Федеративлик Республикасына, атап айтқанда, Баварияға еткен сапарының жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди избе-из әмелге асырыў, еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелерин додалады.
Видеоконференцияда саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди беккемлеў, Өзбекстан экономикасының түрли тармақларында алдынғы немис технологияларын және де кеңнен енгизиў, Германияның компаниялары менен мәмлекетимизде жоқары технологиялы кәрханалар ашыў, социаллық-гуманитарлық байланыслардағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Мюнхенде Өзбекстан-Германия исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилисин өткериў мәселеси де көрип шығылды.
Германия ҳүкиметине пандемияға қарсы гүресиўде мәмлекетимизге көрсеткен жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысының Бавария Бас министрине өзи ушын қолайлы ўақытта Өзбекстанға келиў бойынша мирәти жеткерилди.
Өзбекстан Республикасы
Бас министриниң Баспасөз хызмети