Пайтахтымыздағы «Hyatt Regency Tashkent» мийманханасында Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳәм Россия Федерациясының Өзбекстандағы елшиханасы менен биргеликте «Банклер ҳәм ритейл. Санлы трансформация ҳәм бирге ислесиў» темасына бағышланған халықаралық форум өз жумысын баслады.
Форумда Өзбекстан ҳәм ҒМДАның ири халықаралық жеке меншик корпорацияларының 300 ден аслам қәнигеси ҳәм басшысы қатнаспақта.
Форум алдынан Өзбекстан Орайлық банки баслығының орынбасары Илҳомжон Абдуғаффаров, Орайлық Азиядағы «Mastercard» компаниясының бас директоры Рафал Трепка, Орайлық банк төлем системалары департаменти директорының орынбасары Шуҳрат Файзуллаев, «Тинькофф» банкиниң ҒМДА арқалы трансшегаралық өткермелер бағдарының баслығы Михаил Шашилов ҳәм басқалар төлем хызметлери базарында ерисилген жетискенликлер ҳәм келеси жылларда әмелге асырылыўы нәзерде тутылған мәселелер ҳаққында презентация иследи.
Өзбекстан Орайлық Азия регионында жетекши орынды ийелеген экономикалық раўажланыўдың локомотивлеринен бири есапланады. Бул форумды өткериўден мақсет тараўда тәжирийбе алмасыў ушын профессионал платформа жаратыў, сондай-ақ, жаңа технологияларды көрсетиў ҳәм енгизиў, қаржы, банк ҳәм усақлап сатыў тараўында инновациялық шешимлерди ислеп шығыў ҳәм хошаметлеў және Орайлық Азия регионында нәтийжели экономикалық бирге ислесиў ушын шараятлар жаратыўға бағдарланған.
Итибарлы тәрепи сонда, бул форум банклер ҳәм көтере саўда шөлкемлери арасында нәтийжели сөйлесиўди жолға қойыў ушын платформа ўазыйпасын атқарады.
– Халықаралық форумда Орайлық банк тәрепинен кейинги 3-4-жылда әмелге асырылған жумыслар, Өзбекстандағы төлем хызметлер базарында ерисилген жетискенликлер ҳәм келеси жылларда әмелге асырылыўы нәзерде тутылған мәселелер додаланды, – дейди Орайлық банк төлем системалары департаментиниң директоры Улуғбек Маҳмудов. – Мәмлекетимизде кейинги жылларда оператив төлем системасы, онлайн системасы, жергиликли көтере төлем системаларының раўажланыў тенденциялары ҳәм оларды келешекте интеграциялаған ҳалда төлем хызметлери базарын кеңейтиў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў зәрүр. Соның ишинде, 2020-жылдың өзинде 25 тен аслам төлем шөлкеми шөлкемлестирилди. Бул форум болса мәмлекетимизде әмелге асырылған төлем системасының халықаралық дәрежеге муўапық әмелге асырылғанын ҳәм онда нәзерде тутылған айырым шешилиўи керек болған мәселелерди ашып берди. Форумда сырт мәмлекетлер менен халықаралық төлем системасы бойынша тәжирийбе алмастық.
– Биз Өзбекстан менен төлем хызметлери базарында бир неше жылдан берли бирге ислесиўди жолға қойғанбыз, – дейди латвиялы эксперт Идракас Дадасовас. – 50 жыллық эксперт сыпатында Өзбекстан базарына тоқталатуғын болсам, кейинги еки жылда Өзбекстанда санлы экономика базары күннен-күнге кеңейип атырғанын көрип атырмыз. Оны Өзбекстандағы бирге ислесиўимиз мысалында да айтыў мүмкин, тараў оператив, мобиль, заманагөй тенденцияларға үнлес раўажланып атырғанын бақлап атырмыз. Бүгинги форумда санлы экономиканың әҳмийетли мәселелери додаланды. Соңғы ўақытта Өзбекстанның санлы экономика базары жүдә раўажланып бармақта. Итибарлы тәрепи сонда, күннен-күнге сапалы төлем хызметлери қарыйдарға усынылмақта.
Форум шеңберинде 30 дан аслам компания – жетекши халықаралық брендлер тәрепинен көргизбе шөлкемлестирилди. Онда инновациялық технологиялар ҳәм шешимлер усыныс етилди.
Шаҳноза МАМАТУРОПОВА,
ӨзАның хабаршысы