Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басламасы менен ислеп шығылып, Нызамшылық палатасына киргизилген жаңа нызам жойбарында ҳүрметли донорлар ушын бир қатар жеңилликлер нәзерде тутылмақта.

Халықтың арасында бийғәрез донорлық мәдениятын қәлиплестириў, донорлық ҳәрекетин кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында раўажландырыў ҳәм қан донорларын хошаметлеўге қаратылған нызам жойбарына бола, «Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры» көкирек белгиси менен сыйлықланған шахсларға берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдарын арттырыў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры» көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар қалалық жәмийетлик транспорттан (жөнелисли ҳәм жөнелиссиз таксилерден тысқары) бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе болады. Буннан тысқары, оларға санаторий-курортларда емлениў ушын жолламаларды гезексиз алыў имканияты жаратылады.

Муҳтарама Комилова, ӨзА