Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры пуқараларға келешекте тайынланатуғын пенсияға алдынырақ таярлық көриў зәрүр екенлигин мәлим етпекте.

Пенсия есаплаўда пуқараның рәсмий жумыс ислеген дәўири ҳәм салық төленетуғын мийнет ҳақы (дәраматы) инабатқа алынады. Пуқара рәсмий жумыс ислеп, дәрамат алғаны сайын жылма-жыл пенсия ҳуқықы қәлиплесип барады. Демек, ҳәр бир пуқара жумысы ҳәм дәраматын рәсмийлестириў арқалы пенсияға таярлық көрип барады.

Пенсия муғдары көбирек шығыўы ушын болса төмендегилерде итибарлы болыў керек:

– Мийнет етиўи рәсмий түрде өтип атырғаны, жумыс исленип атырған шөлкемде жумыс стажы жазып барылып атырғанына исеним пайда етиў (Оны хызметкер өзи еркин түрде my.gov.uz порталы арқалы тексерип алса болады);

– Жумыс бериўшиден жумыс стажлары ҳаққындағы мағлыўматлар санластырылыўын талап етиў;

– Хызметкер шөлкем тәрепинен рәсмий түрде мийнет ҳақы төленип атырғанлығына итибар бериўи керек. Онда, хызметкер есапланған мийнет ҳақы, ҳақыйқатынан да қолына алатуғын мийнет ҳақы, услап қалынып атырған дәрамат салықлары, жыйналып барылып атырған пенсия ушын өткерилип атырған қаржылар ҳәм басқаларды турақлы түрде тексерип барыўы мүмкин;

– Егер хызметкер рәсмий емес түрде жумыс алып атырған болса, өз-өзин бәнт еткен ҳалда дизимнен өтип, Пенсия қорына белгиленген тәртипте социаллық салықты төлеп барыўы ҳәм бул арқалы жумыс стажын көбейтип барыўы мүмкин;

 – Пенсия нызамшылығына байланыслы жаңалықлар, мағлыўматлар менен турақлы түрде танысып барыў, киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалардан хабардар болып турыў;

-Егер пуқаралар ҳәзирги ўақытта мийнет жумыс ислемей атырған болса, ондай жағдайда Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлимлерине мийнет дәптершесиндеги мағлыўматларын санластырыўды сорап мүрәжат етиўи керек.

Жумыс ислеп атырғаны ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәзир санластырып қойылса, пенсияға шығыў ўақты келгенде артықша әўерегершиликтиң алды алынады.

Жоқарыдағы усыныслар тийкарында жумыс ислеў арқалы келешекте пуқаралардың пенсия тәмийнаты кепилленеди.

Қосымша мағлыўматлар, пенсияға байланыслы ҳәр қандай мәселе бойынша Пенсия қорының 1271 санлы исеним телефонына мүрәжат етип, жуўап алыў мүмкин.

М.Эшмирзаева, ӨзА