Президент Шавкат Мирзиёев 11-январь күни электротехника тараўындағы нәтийжелер ҳәм гезектеги ўазыйпаларға байланыслы презентация менен танысты.

Бул тараўдың санааттағы үлеси 3,5 процент, товарлар экспортында 10 процентти қурайды. Өткен жылы 31 триллион сумлық өним ислеп шығарылған, 1 миллиард 300 миллион доллар экспорт етилген. 516 миллион доллар инвестиция өзлестирилип, 85 жаңа кәрхана иске қосылған. Бул тараўда 27 мыңнан артық ўатанласымыз жумыс ислемекте.

Өткен жылы 5-сентябрьде болған видеоселектор мәжилисинде тараўда нәтийжелиликти арттырыў имканиятлары көрсетип берилген еди. Соған тийкарланып, быйылғы жылы бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынған.

Презентацияда «Өзэлтехсанаат» ассоциациясының баслығы быйыл аймақларда 4 миллиард долларлық 290 жаңа жойбарды баслап, 600 миллион доллар инвестиция өзлестириў, мысты қайта ислеў дәрежесин 75 процентке жеткериў режелерин айтты.

Онда локализациялаў бағдарламаларынан пайдаланыў әҳмийетли. Мысалы, быйыл мәмлекетимизде 75 миллиард долларлық инвестиция жойбарлары әмелге асырылады. Соның 28 миллиард долларын жергиликли өнимлердиң есабынан қаплаў мүмкин.

Электротехника кластерин кеңейтиў ушын Аҳангаранда қосымша 200 гектар, Ферғанада 10 гектар, Үренште 4 гектар жер ажыратылды. 181 миллиард сумға инфраструктура қурылды.

Енди исбилерменлерге технопарклер аймағында таяр имарат қурып, электротехника ҳәм түрлес тараў кәрханаларына сатыўға руқсат бериў мөлшерленбекте. Жоқары технологиялы өндиристи жолға қойған исбилерменлерди 3 жыл мүддетке пайда ҳәм мүлк салығынан азат етиў усыныс етилмекте.

Бул, сондай-ақ, Аҳангаран мыс кластеринде 68 миллион долларлық, Қашқадәрья, Ферғана ҳәм Үргенште 30 миллион долларлық жаңа жойбарларға имканият ашады.

Өнимлердиң сатылыўы ушын министрлик ҳәм санаат тармақлары кесиминде 15 триллион сумлық кепилликли базар да шөлкемлестирилмекте. Социаллық объектлер ушын қайта тикленетуғын энергия қурылмаларын жергиликли кәрханалардан сатып алыў тәртиби ислеп шығылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул тараў жасыл экономика ушын, турақлы раўажланыў ушын оғада әҳмийетли екенин атап өтти. Соның ушын орынлардағы барлық имканиятларды иске қосыў, исбилерменлерге инфраструктура, қаржы ҳәм шийки зат жағынан қосымша шараятлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди.

Жуўапкерлер олардың орнына экспортты жылына 3 миллиард долларға, өндиристиң көлемин 50 триллион сумға жеткериў имканияты бар екенин атап өтти.

Инновацияларды үйренип, базарға қолайлы өнимлерди жаратыў, маман инженер, технолог ҳәм орта буўын қәнигелерин таярлаў мәселелерине де итибар қаратылды.

ӨзА