Март айының ақырларында Россия 1-апрельден Өзбекстан менен турақлы авиарейслерди тиклеўи ҳаққында хабар берилген еди.

 

Россияның Өзбекстандағы елшиханасы Консульлық бөлиминиң мәлим етиўинше, биринши басқышта тек ғана бир жөнелис әмелге асырылады – ҳәптесине бир мәрте «Москва-Ташкент».

 

Атап өтилиўинше, барлық өзбекстанлылар тек ғана усы рейстен пайдаланыўы мүмкин.

 

«Дарё»ның жазыўынша, ҳәзирги ўақытта әмелге асырылып атырған басқа рейслер чартер есапланады – Россия аймағына кириў ушын белгили бир тийкар көрсетилиўи мәжбүрий етип белгиленген (мәселен, оқыў).

 

«Spot»тың мәлим етиўинше, 5-апрель жағдайына муўапық, Өзбекстан ҳәм Россияның авиация тараўы жуўапкерлери тасыўшылар бойынша келисип алмаған, сонлықтан ҳәзирше турақлы рейслер жоқ.

 

Мәселен, Тәжикстан ҳәм Россияның авиация тараўы жуўапкерлери бул бойынша өзара келисимге келген ҳәм 4-апрельде «Somon Air» авиакомпаниясы «Душанбе-Москва» жөнелиси бойынша биринши рейсти әмелге асырған. Ал Россия тәрептен «UTair» рейске шығады.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 2021-жылдың 20-мартында 25 мәмлекеттен келетуғын студентлердиң Россияға кириўине рухсат берилген, бирақ олар арасынан Өзбекстан орын алмады. 4-апрель күни болса өзбекстанлы студентлерге Россияға кириўге рухсат берилгени жәрияланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.