Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2017-жыл 25-декабрь күни мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы әҳмийетли мәселелерди додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Елимизде барлық тармақлар қатарында мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылып, кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Әсиресе, усы жыл 3-август күни Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң елимиздиң дөретиўши зыялылары ўәкиллери менен ушырасыўы тараўдың раўажланыўында жаңа тарийхый дәўирди баслап берди. Әне усы ушырасыўда миллий мәдениятымызды, әдебиятымызды ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўға байланыслы тийкарғы мәселелер сын көз-қарастан талқыланып, оларды шешиў жоллары, дөретиўшилик аўқамлар менен мәмлекетлик шөлкемлердиң алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар көрсетип берилген еди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 22-декабрь күни Олий Мажлиске усынылған Мүражатында да усы тараўды раўажландырыўға айрықша итибар берилип, халқымыздың, жәмийетимиздиң руўхый жақтан жетилисиўинде мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери алдында турған ўазыйпалар анық баян етилди.

Болып өткен мәжилисте әне усы ўазыйпаларды орынлаў бойынша Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги, Көркем өнер академиясы ҳәм дөретиўшилик шөлкемлери басшыларының есаплары тыңланды. Олардың жумысына сын көз-қарастан баҳа берилип, бул бағдардағы жумысларды жетилистириў ҳәм жаңа басқышқа көтериў бойынша анық тапсырмалар ҳәм көрсетпелер берилди.

Бизге белгили, ҳәр бир миллеттиң мәденияты ҳәм көркем өнери оның абыройлы және мақтанышлы дәреги болып есапланады. Бүгинги күнде миллий мәдениятымызды ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыў бойынша алып барып атырған барлық ислеримиз усы мақсетке қаратылған, деди Президентимиз. Уллы келешегимизди қурар екенбиз, бәринен бурын, оның мәдений ҳәм руўхый тийкарларын беккем қурыўымыз керек.

Өткен бир жыл даўамында тараўды раўажландырыўға байланыслы салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Бир ғана Мәденият министрлиги ҳәм оның системасындағы мәкемелердиң жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша жәми 8 пәрман ҳәм қарар қабыл етилди.

2017-жылы бар 37 театр тәрепинен көрсетилген спектакльлерди 3 миллион 133 мың ықласбент тамашалады. Жыл даўамында халыққа 6 миллиард 72 миллион сумлық мәдений хызметлер көрсетилди.

Қытай, Россия, Германия, Түркменстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлерде Өзбекистан мәденияты күнлери ҳәм ҳәр қыйлы көркем өнер көргизбелери өткерилди.

Талқылаўлар соны көрсетпекте, белгили бир жумыслар әмелге асырылған болса да, еле бул бағдарда исленген жумысларға қарағанда исленбегенлери, әҳмийетли ўазыйпалар оғада көп, деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте елимиз театрларының халқымызға, соның ишинде, шетки район, мәҳәлле ҳәм аўыллардағы халыққа мәдений хызмет көрсетиў дәрежеси бүгинги күнниң талабына жуўап бермейтуғыны айрықша атап өтилди. Театрлардың бул бағдардағы имканиятларын кеңейтиў мақсетинде олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Соның менен бирге, театрлардың жумысын раўажландырыў бойынша 2018-2022-жылларға мөлшерленген бағдарлама ислеп шығыў, өзбек циркин ҳәм миллий аяқ ойын көркем өнерин раўажландырыў бойынша да тийисли қарарларды кешиктирмей қабыл етип, бул бағдарларда әмелий жумысларды баслаў зәрүрлиги атап өтилди.

Халық ушын бос ўақытты мазмунлы шөлкемлестириў, адамлардың мәдений дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде 2011-2015-жылларда елимизде 225 дем алыў бағын заман талаплары тийкарында жаңадан қурыў, барларын реконструкциялаў белгиленген еди. Лекин, усы күнге шекем 140 бағда оңлаў және үскенелеў жумыслары әмелге асырылған болып, қәўендерлер ҳәм исбилерменлер тәрепинен қаржы ажыратылмағаны себепли 90 бағда режедеги ўазыйпалар толық орынланбағаны сынға алынды.

Мәжилисте Мәденият министрлиги тәрепинен келеси жылы әмелге асырылыўы тийис болған бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар қайта көрип шығылып, олардың анық мүддетлери белгиленди. Соның ишинде, мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў, эстрада, аяқ ойын ҳәм оркестр жәмәәтлериниң жумысын сын көз-қарастан үйрениў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў ушын заманагөй қәнигелер таярлаўды жолға қойыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге өз ўақтында шешим табыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысының «Өзбекистан Көркем өнер академиясының жумысын раўажландырыўға ҳәм буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша жедел жумыс алып барылмақта. Соған қарамастан, мәжилисте Көркем өнер академиясының жумысында бир қатар кемшиликлер менен машқалалардың ушырасып атырғаны, оларды тез сапластырыў зәрүрлигине итибар қаратылды. Соның ишинде, Нөкис, Бухара, Шахрисабз қалаларындағы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатларында реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары өз ўақтында әмелге асырылмай атырғаны, Көркем өнер академиясының Орайлық көргизбелер залын дүнья стандартларына сәйкес түрде заман талаплары тийкарында реконструкциялаў жумыслары төмен алып барылып атырғаны, бул болса елимизде абыройлы халықаралық көргизбелерди өткериў имканиятын шеклеп атырғаны атап өтилди.

Мәжилисте Көркем өнер академиясының жумысын және де жақсылаў мақсетинде 2018-жылы әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша ҳәр тәреплеме пикир билдирилди. Атап айтқанда, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер тараўында шет елдеги жетекши көркем өнер орынлары менен тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў, шет еллерде белгили худодниклеримиздиң көргизбелерин шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратыў бойынша әмелий усыныслар билдирилди.

Тийисли жуўапкер басшыларға П.Беньков атындағы Республикалық сүўретлеў колледжинде 400 орынлық, Республикалық дизайн колледжинде 200 орынлық оқыўшылардың турақ жайын қурыў ушын қарар жойбарын таярлаў бойынша тапсырма берилди.

Сондай-ақ, тараў ушын жетик қәнигелер таярлаў, атап айтқанда, жаңа дәўирге сай оқыў, оқыў-методикалық ҳәм илимий әдебиятлар дөретиў және оларды билимлендириў процесине кеңнен енгизиў, оқыў мәкемелерин заманагөй педагогикалық, мәлимлеме-коммуникация қураллары менен тәмийинлеў, билимлендириўдиң сапасын арттырыўға айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында шын кеўилден хызмет етип атырған дөретиўши ҳәм техникалық хызметкерлерди материаллық және руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, олардың турақ жай, социаллық ҳәм медициналық шараятларын жақсылаў, гонорарлардың муғдарын арттырыў, жас талант ийелериниң потенциалын жүзеге шығарыў бойынша алып барылып атырған жумысларды избе-из даўам еттириў оғада әҳмийетли ўазыйпалардан бири екени айрықша атап өтилди.

Бир ҳақыйқатты ҳеш қашан ядымыздан шығармаўымыз керек, елимизде мәденият ҳәм көркем өнер раўажланбаса, жәмийет раўажланбайды, деди Президентимиз. Халқымыздың раўажланыў дәрежеси, бәринен бурын, миллий мәдениятымызға қарап баҳаланады. Усы мәнисте, мәденият – ол халқымыздың, жәмийетимиздиң келбети. Биз Өзбекистанның жаңа келбетин жаратыўға кирискен екенбиз, оны, бәринен бурын, миллий мәдениятымызды раўажландырыўдан баслаўымыз зәрүр.

ӨзА