Мәмлекетимизде кластер жаңа тараў сыпатында кирип келген болса да, қысқа дәўир ишинде фермер хожалықларының ең жақын шериклерине айланды.
Әсиресе, кластер усылында пахта жетистириўге мәмлекетимиз тәрепинен айрықша итибар қаратылмақта. Кластер әмелияты пахтаны шийки зат сыпатында емес, ал өнимди қайта ислеў, таяр, ярым таяр өним сыпатында базарға шығарыў имканиятын бермекте.
– Әндижан ўәлаятында да кластер системасына өтиў өнимдарлықты арттырыўда пайда бермекте, – дейди Әндижан ўәлаятының фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесниң баслығы Фарҳод Набижонов. – Соның ишинде, пахта кластерлерине 2020-жылы 13,5 мың гектар пахта майданы бириктирилип берилди. Оннан 50,3 мың тоннадан аслам пахта жыйнап алынды.
Быйылғы жылы пахташылықта және де жоқары нәтийжелерге ерисиў ушын ўәлаятта дерлик 79 мың гектар майданға шигит егип, 270 мың тоннаға шамалас пахта шийки затын жыйнап алыў режелестирилмекте.
Кластерлер әмелге асырып атырған жумысларға тоқтап өтетуғын болсақ, кластер кәрханалары пахта жетистириўдиң вегетация дәўиринде агротехникалық илажларды әмелге асырыў ушын талап етилетуғын материаллық ресурсларды өз ўақтында жеткерип бериў, жаңа заманагөй техникаларды сатып алыў, тараўға илимий-инновациялық идеялар алып кириў менен жетискенликлерге ериспекте.
Пахта майданларында суў үнемлеўши технологияларды енгизиў де бул бағдарда әҳмийетли факторлардан бири есапланады. Мысал ушын, Қўрғонтепа районындағы «Хантекс гроуп» ЖШЖ кластер кәрханасы Израиль мәмлекетиниң «Нетафин» компаниясы менен 81 гектар майданда тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизди. 2021-жылы және 3 мың гектарда суўғарыў технологиясы енгизиледи. Суў үнемлеў бағдарындағы илажлар мәмлекет тәрепинен де қоллап-қуўатланатуғынын атап өтиў зәрүр. 2020-жылы пахта майданларында тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 6,1 миллиард сум субсидия ажыратылғаны оның айқын дәлили болып есапланады.
Сондай-ақ, кластерлер ғәллешилик бағдарында да излениўлер алып бармақта. Мысал ушын, Қўрғонтепа районындағы «Khantex Group» пахташылық-тоқымашылық кластери Краснодар ғәллешилик орайы менен бирге ислесиўди жолға қойды. 2020-жыл ушын онлаған жоқары өнимли сортлар алып келинип, ўәлаятқа сай болған сортлар таңлап алынды. 120 тонна элита туқым алып келинип, 3 мың 500 тонна туқымлық жетистирилди.
2021-жылдың өними ушын 3000 гектар майданға айғабағар туқымлылығы да алып келинбекте. Францияның «ЭНЕРЖИ СЕЕД» илимий компаниясы менен айғабағар ҳәм мәккениң гибрид туқымларын ўәлаятта жетистириў жолға қойылады. Америка, Германия, Израиль, Франция, Россияның абырайлы илимий компаниялары менен бирге ислесиў жумыслары алып барылмақта.
Быйылғы жылы Балықшы районындағы «Тетратекс», Алтынкөл районындағы «Сайёра фаввораси плюс», Хўжаобод ҳәм Булоқбоши районларында жумыс ислеп атырған «Хўжаобод Файз-М» кластерлери тәрепинен пахташылық-ғәллешилик бағдарында Инновациялық илимий-әмелий өндирис орайы шөлкемлестириледи.
Кластерлер менен илимий-изертлеў институтларының бирге ислесиўи де нәтийжели жолға қойылған. Олар пахтаның жаңа сортларын сынаў бойынша жумыслар алып бармақта. Мысал ушын, Шаҳрихон районындағы «Саховат текс» Пахта селекциясы туқымгершилигин жетистириў агротехнологиялары илимий-изертлеў институты Әндижан тәжирийбе станциясы менен биргеликте пахтаның жаңа «ЎзПИТИ-202» сортын тәжирийбеден өткермекте.
«Хўжаобод Файз-М» кластер кәрханасы тез күнлерде туқымлық шигит таярлаў цехын иске қосады. Кластер кәрханалары ўәлаяттағы пахта тазалаў кәрханаларын сатып алыў, реконструкция жумысларын әмелге асырмақта. Бундай мысалларды ҳәр бир кластер жумысынан келтириў мүмкин.
ӨзА