Бүгин 22-декабрь күни Симпозиумлар сарайында Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатнама жоллады.
Шавкат Мирзиёев жыйналыста шығып сөйлеп, кирип киятырған жаңа — 2018-жылды Өзбекистанда «Белсенди исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» деп дағазалаўды усыныс етти.
«Бул мәселе бойынша көп ойладық, көп кеңестик. Жыл даўамында келген көплеп мүрәжатлар, пикир-усыныслар итибарға алынды. Жумыс орынларын жаратпасақ адамлар бизден разы болмайды, көп машқалалар бар: жол жоқ, свет, газ жоқ, нәгиранлар қанша, ҳәммесин жасырып жүрдик ғой? Атама қойыўда жүдә ойладым, нәтийже бериўи керек, шырайлы етип көшеге жазып қойыў емес бул.
Мен жаңа – 2018-жылға елимизде Белсенди исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы, деп атама бериўди усыныс етемен.
Жаңа пикир, идея, инновация болмаса, кейинги күнде ута алмаймыз, ҳәр ҳәким буны билиўи керек», деди Президент.
ҚХА