Қырғыз Республикасы сыртқы ислер министри Руслан Казакбаев 5-ноябрь күни әмелий сапар менен Ташкентке келди.

Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде еки мәмлекет сыртқы сиясат уйымларының басшылары Абдулазиз Комилов ҳәм Руслан Казакбаевтың ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиў ўақтында сиясий, саўда-экономикалық, инвестиция, транспорт-коммуникация, суў хожалығы ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда Өзбекстан-Қырғызстан бирге ислесиўиниң ҳәзирги жағдайы ҳәм қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў перспективасы додаланды.

Министрлер көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги өз-ара байланысларды беккемлеў, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибине байланыслы бир қатар мәселелерге айрықша итибар берди. Орайлық Азия еллери арасындағы бирге ислесиўдиң унамлы пәтин сақлап қалыўдан еки тәреп те бирдей мәпдар екени тән алынды.

Сөйлесиў даўамында коронавирус тарқалыўына қарсы гүресиў ҳәм пандемияның Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы қатнасықларға тәсирин имканият дәрежесинде жумсартыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди муўапықласытырыў ҳаққында да пикир алысылды.

СИМ басшылары еки тәреплеме илажларды даўам еттириў, соның ишинде, Өзбекстан-Қырғызстан Ҳүкиметлераралық комиссиясының ҳәм еки мәмлекет шегара алды ўәлаятларының ҳәкимлери, (ўәкилликли ўәкиллери) кеңесиниң гезектеги мәжилислерин өткериў зәрүр екенлигин атап өтти.

Уллы ҳәм жоқары дәрежедеги бурын ерисилген келисимлерге садықлық тастыйықланды. Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғыз Республикасы арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағы бойынша Биргеликтеги билдириў қабыл етилди.

Қырғыз Республикасы сыртқы ислер министри Руслан Казакбаев усы күни Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигинде де ушырасыў өткерди.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы