Социаллық тармақларда пандемия шараятында мектеп жумысларын шөлкемлестириў ушын муғаллимлерден талап етилип атырған ҳәр қыйлы санитариялық-гигиеналық затлардың дизими сәўлеленген материаллар тарқалмақта.

 

Усы тарқалып атырған хабарлар бойынша ӨзР Халық билимлендириў министрлиги төмендегилерди мәлим етти:

 

«Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында болып өткен улыўма орта билим бериў мәкемелеринде оқыў жылына таярлық мәселелери бойынша видеоселектор жыйналысында усы мәселелерге тоқтап өтилди. Онда мектеплер ушын пирометрлер ҳәм дозаторларды сатып алыў және оларды аймақларға жеткерип бериў бойынша жуўапкер министрликлерге тапсырмалар берилди. Мектеплерди дезинфекциялаў ҳәм антисептик затлар менен тәмийинлеўге болса ўәлаят ҳәкимликлери жуўапкер етип белгиленди.

 

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халық билимлендириўин басқарыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, халық билимлендириў мәкемелерин қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, тийисли аймақта улыўма билим бериў мәкемелерине жәрдем бериўди шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленген.

 

Сонлықтан, мектеплерде билимлендириў процесин шөлкемлестириўде қолланылатуғын дезинфекциялық затлардың биреўи де муғаллимлер тәрепинен сатып алынбайтуғынлығын, ата-аналар тәрепинен болса тек ғана перзентиниң санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етиўи ушын медициналық нықап ҳәм жеке антисептиклер менен тәмийинлениўин мәлим етемиз.

 

Пандемия шараятында улыўма билим бериў мектеплеринде пирометр, дезинфекциялық затлар, дозаторлар және антисептиклер орайласқан жағдайда жеткерип бериледи», – деп жазылған министрликтиң хабарында.

 

Министрлик муғаллимлерден мектеплерде усы сыяқлы жағдай бақланып атырған болса ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етиўди сорайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.