Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде өткерилген брифингде Мәмлекетлик тест орайының жуўапкерлери тәрепинен абитуриентлер ушын әҳмийетли жаңалық мәлим етилди, деп жазады ӨзА.
– Ҳәр бир абитуриент өзине тийисли рухсатнаманы алыўы ҳаққында телефон арқалы хабарнамалар менен ескертилген болыўына қарамастан, мыңға шамалас абитуриенттиң рухсатнамаларын алмағаны бақланған, – деди МТО басқарма баслығы Б.Ражабов.
– Абитуриентлерге еле де қолайлық жаратыў мақсетинде соны атап өтиў керек, усы күнге шекем рухсатнама алмаған абитуриентлерге тест сынағына кириўден 1 саат алдын имтиханлар өткерилетуғын орынның өзинде рухсатнамасын бериў имканияты жаратылған.
Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясының қарарына муўапық, тест сынақлары өткерилетуғын стадион ҳәм қыябанларға жоқары оқыў орынларының ректорлары (филиал директорлары) жуўапкер етип бириктириледи.
Бириктирилген жуўапкерлер абитуриентлерди тәртипти ҳәм социаллық аралықты сақлаған ҳалда тийисли аймақлардың кириў орынларына бағдарлайды және рухсатнамасын алмаған абитуриентлерге «Абитуриент рухсатнамасы»н шығарып бериўди тәмийинлейди, деп жазылған хабарда.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.