Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 5-сентябрьден кейин де сақланып қалынатуғын карантин шеклеўлери төмендегилерден ибарат:

 

– пуқаралардың жәмийетлик орынларда социаллық аралықты (2 метр) сақлаўы, медициналық нықапта болыўы, бунда олар тәрепинен санитариялық талаплар бузылған жағдайда қатаң шаралар (жәриймаға тартыў) көриў;

 

– дене температурасы 37 градус ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған пуқаралардың жәмийетлик орынларға шықпаўы;

 

– супермаркет ҳәм басқа ири дүканлардың кирип-шығыў орынларын пирометрлер, дезинфекциялық «төсеклер», антисептик затлар менен тәмийинлеў, оларға кириўде ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 37 градус ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған жағдайда киргизбеў, социаллық аралықты сақлаў, медициналық нықапта болыўын, сондай-ақ, усы объектлерге кириўде пуқараларды бийпул медициналық қолғап пенен тәмийинлеў;

 

– буйым ҳәм қурылыс өнимлери базарлары және буйымлар саўдасы менен шуғылланатуғын ири дүканларда санитариялық тазалаў жумысларын өткериў ушын ҳәптеде бир күнди санитариялық күн деп жәриялаў;

 

– мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм кәрханаларда жыйналыслар өткериўди қадаған етиў, зәрүр болған жағдайларда жыйналысларды видеоконференцбайланыс режиминде өткериў;

 

– ғалабалық илажларды өткериўди қадаған етиў;

 

– тойханалар, түнги клублар, дискотека, спа ҳәм массаж салонлары, караоке, бильярд заллары, шылым (кальян) ҳәм компьютер ойынлары орайларының жумысларын қадаған етиў;

 

– шаңарақлық байрам, той, мереке ҳәм мәресимлерди пуқаралардың турақ жайы ҳәм ҳәўлисиниң өзинде 30 адамнан көп болмаған (тек ғана жақын ағайин-туўысқанлар ҳәм усы район аймағында жасайтуғын басқа ағайинлери) және санитариялық ҳәм гигиеналық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда өткериў;

 

– 65 жас ҳәм оннан үлкен жастағы пуқаралар және созылмалы кеселлиги болған адамлардың «өзин-өзи жекелеў» турмыс тәризинде жасаўын усыныс етиў ҳәм ескертиўши үгит-нәсият жумысларын әмелге асырыў;

 

– жөнелиссиз таксилерде жолаўшы тасыў ушын автотранспорт қуралы салонында басқарыўшының орынлығы жолаўшылардың орынлығынан реңсиз пластик ямаса арнаўлы плёнка менен тосылған болыўы, басқарыўшы ҳәм жолаўшы медициналық нықапта болыўы (медициналық нықапсыз жолаўшыны тасыў қадаған етиледи), жолаўшыларды автотранспорт қуралы салонының артқы орынлығына өткерилиўи және тек ғана өз (автотранспорт қуралы мәмлекетлик дизимге алынған) аймағында ҳәрекетлениў.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.