Дүнья жүзинде ғалаба ен жайып, елимизде де мыңлаған жасларды қамтып алып атырған спорт түрлеринен бири – каратэ болып табылады. Ол XX әсирдиң басларында японша Жиу-житсу жеке гүресин жетилистириў нәтийжесинде пайда болған. Шығыс жеке гүреслеринен орын алған бул спорт түринде қурал-жарақсыз өзин-өзи қорғаў, инсан денесиниң нәзик жерлерине қол ямаса аяқ пенен соққы бериў үйретиледи.
Елимизде каратэ менен шуғылланып, жәҳән кубоги ҳәм Азия чемпионатларында Өзбекстан байрағын шыңларға көтерип атырған жаслардың саны күннен-күнге артып баратырғаны қуўанышлы. Солардың қатарынан Улдәўлет Балтабаеваның да мүнәсип орын ийелейтуғынына устазларының исеними жоқары.
2005-жылда сержант Фурқат Балтабаевтың шаңарағында үшинши қыз перзент болып туўылған, минези аўыр, басық, лекин шаққанлығы менен ажыралып туратуғын Улдәўлетти анасы Света апа 10 жасқа толғанында Нөкистеги 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиндеги жүзиў дөгерегине алып барады. Улдәўлет сол жердеги каратэшилердиң татами үстиндеги шынығыўларын көрип, усы спорт түри менен шуғылланыўға қызығыўшылығы оянады. Оның ата-анасы перзентиндеги қызығыўшылықты инабатқа алып, каратэ дөгерегине жаздырады. 5 жылдан берли Улдәўлет каратэниң шотокан бағдарында шуғылланып келмекте. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанда өткерилген Каратэ-до кубоги турнирлеринде бир неше мәрте қатнасып, сыйлы орынларды қолға киргизди.
– Устазым, қара белбеў ийеси Шерзод Юсупов маған каратэниң сырларын үйретип келмекте, – дейди Улдәўлет. – Мен биринши мәрте чемпионатта қатнасқанымда жеңилиске ушырадым. Сонда 10 жаста едим. Турнирде жеңимпаз болыўым да мүмкин еди Себеби каратэде соққының қарсыласқа тиймеў қалыўы да оның есабына балл берилиўи менен жуўмақланады. Мениң еки соққым ҳаўаға, нәтийжесиз кетти ҳәм маған буның ушын ескертиў берилген еди. Буннан ашыўым келип, қарсыласыма күш ислеткеним ушын дәслепки жеңилисим менен Нөкиске қайтып келгенмен. Бул жеңилис мени спортта күш пенен емес, ал, ақыл менен ғана қарсыласты жеңиў мүмкинлигин үйретти. Ҳәзир көк белбеўим бар болып, бес жылдан берли татамиде жеке тәртипте кумите шынығыўларын көрсетемен. Каратэни таңлағанымнан ҳеш өкинбеймен. Келешекте армиямызда әскерий хызметкер болып, армия спортының даңқын көтериўге ҳәрекет етемен.
Бүгинги карантин ўақтында да Улдәўлет спортқа болған муҳаббатын сөндирмей, Нөкис гарнизонында күнлик шынығыўларын даўам еттирмекте. Бос ўақытларында китап оқыўды унатады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги