USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЯПОНИЯ, КОРЕЯ РЕСПУБЛИКАСЫ ҲӘМ БАӘ МЕНЕН ЭКОНОМИКАЛЫҚ БИРГЕ ИСЛЕСИЎ ПЕРСПЕКТИВАЛАРЫ ДОДАЛАНДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-июль күни мәмлекетимиздиң инвестициялық ҳәм сыртқы саўда жумысы прогноз көрсеткишлериниң быйылғы ярым жыллығындағы орынланыўын додалаў, сондай-ақ,  Япония, Корея Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери менен тийкарғы қоспа жойбарлардың алып барылыўын және саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанслық-техникалық бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын көрип шығыўға бағышланған видеоәнжуман түринде мәжилис өткерди.

Илажда Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги алдына қойылған ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққындағы есабатлар, соның ишинде, инвестицияларды тартыў ҳәм экспорт бойынша прогноз көрсеткишлерин және сырт ел шериклери менен ерисилген келисимлерди өз ўақтында  әмелге асырыўға қаратылған комплексли илажларға байланыслы усыныслар тыңланды.

Глобаллық көлемдеги эпидемиологиялық жағдай ҳәм оннан келип шығып атырған шеклеўлер Өзбекстанның инвестициялық ҳәм сыртқы саўда жумысына турақлы тәсир көрсетип, исбилерменлер ушын қаржыландырыў, қурылыс, өндиристе зәрүр шийки зат ҳәм үскенелерди жеткерип бериў мәселелеринде белгили дәрежеде тосқынлықлар туўдырып атырғаны атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиздиң өндирисшилери ҳәм экспортшыларын өз ўақтында қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар көрилди.

Соның менен бирге, коммерциялық банклерди жетерли ресурслар менен тәмийинлеў мақсетинде халықаралық финанс институтларының 1,2 миллиард доллар муғдарындағы  қаржылары тартылды.

Есабат дәўиринде улыўма баҳасы 1,8 миллиард долларлық 28 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў есабынан 3,8 мың жаңа жумыс орны жаратылыўына ерисилди.

Аймақларды раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде улыўма баҳасы 9,5 триллион сумлық 2049 ири инвестициялық жойбар әмелге асырылды, бул 27 мың жаңа жумыс орнын жаратыў имканиятын берди.

Бүгинги күнде бир қатар тармақларда коронавирус пандемиясына байланыслы қәўип-қәтерлердиң тәсири астында инвестицияларды өзлестириўдиң прогноз көрсеткишлерин орынлаў кешигип атырғанлығы атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиздиң басшысы 2020-жылдың ақырына бола гөзленген нәтийжелерге сөзсиз ерисиў мақсетинде әмелге асырылыўы режелестирилген инвестициялық жойбарлардың көрсеткишлери ҳәм дизимлерин қайта көрип шығыў тапсырмасын берди. Жыл ақырына келип мәмлекетимиздиң экономикасына  тартылған инвестициялардың көлеми 9,9 миллиард долларды, соның ишинде, тиккелей сырт ел инвестициялары – 6,8 миллиард, халықаралық финанс институтларының  қаржылары – 3,1 миллиард долларды қураўы күтилмекте. Экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли драйверлеринен бири сыпатында экспорт жумысын қоллап-қуўатлаў илажларына айрықша итибар қаратылды.

Быйылғы жылдың 6 айының жуўмақларына бола мәмлекетимиздиң кәрханалары тәрепинен 6,1 миллиард долларлық өним экспорт етилгени атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта экспорт жумысына 950 жаңа кәрхана тартылды, сырт елге жаңа 85 атамадағы өним жеткерип бериў өзлестирилди, сондай-ақ, қосымша 4 мәмлекеттиң базарына шығылды.

Дүньядағы экономикалық жағдайдың турақлылығын және глобал базардағы талап ҳәм усыныстың азайыўын итибарға алып, усы жылдың екинши ярымында экспорт потенциалын арттырыў мақсетинде Республикалық комиссияға пандемия ақыбетиндеги сыртқы факторлар мәмлекетимиздиң сыртқы экономикалық жумысына көрсетиўи мүмкин болған унамсыз тәсирин азайтыў бойынша илажлар комплексин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ўазыйпасы жүкленди.

Көрилген илажлар нәтийжесинде Өзбекстан экспорты жылдың ақырына барып 17,1 миллиард долларды қураўы күтилмекте.

Кейинги жылларда усы мәмлекетлер менен өз-ара товар алмасыў көрсеткишлери турақлы артып бармақта, жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың жуўмақлары бойынша қабыл етилген «жол карталары» шеңберинде түрли тармақларда жаңа кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

Мәжилисте әмелдеги жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў және инвестициялық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша жаңа усынысларды ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимизде япониялы шериклер менен бирге ислесиўде геология, химия ҳәм нефть-химия, банк-қаржы, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў  сыяқлы тараўларда улыўма баҳасы 5,6 миллиард долларлық 48 жойбар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда,«HIS» компаниясы менен мийманхана комплекслерин қурыў, «Isuzu» ҳәм «Itochu» компаниялары менен «СамАвто» қоспа кәрханасының өндирис қуўатлықларын кеңейтиў, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) менен Наўайы ыссылық электр станциясында энергиялық блоклар қурыў бойынша ҳәм көплеген басқа да жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Пандемияға қарамастан, усы жылы еки мәмлекет ҳүкиметлери ҳәм исбилермен топарлары арасындағы өз-ара сөйлесиўлер, соның ишинде, заманагөй мәлимлеме технологиялары арқалы бир қанша жеделлескени атап өтилди.

Мәжилисте мәмлекетимиздиң басшысы анық экономикалық бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыў арқалы Өзбекстан – Япония әмелий бирге ислесиўин кеңейтиў зәрүр екенлигин айрықша  атап өтти.

Корея Республикасы менен еки тәреплеме бирге ислесиў де соңғы жылларда унамлы пәт пенен раўажланбақта. Быйылғы жылдың басынан берли товар алмасыў дерлик 1 миллиард долларға жетти, Қубла Корея капиталының қатнасыўында 60 жаңа кәрхана шөлкемлестирилди, олардың улыўма саны болса 855 ке жетти.

Быйыл Ташкент қаласында көп тармақлы балалар медициналық орайы ҳәм Ферғана қаласында Өзбекстан – Корея халықаралық университетин шөлкемлестириў бойынша жойбарлар табыслы әмелге асырылғаны, олар шеңберинде мыңға шамалас жаңа жумыс орынлары жаратылғаны атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен быйыл 17-апрель күни Ташкент ўәлаяты Зангиата районында ирге тасы қойылған Инновациялық илимий өндирислик фармацевтика кластерин қурыў жумыслары жедел даўам етпекте. Усы жойбар шеңберинде Фармацевтика техникалық университети ҳәм дәри-дәрмақларды ислеп шығарыў бойынша заманагөй қуўатлықларды шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Аўыл хожалығы, МКТ, денсаўлықты сақлаў, химия, жеңил санаат, электротехника, фармацевтика ҳәм зергерлик санааты, билимлендириў ҳәм инновациялар сыяқлы тараўлар бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары сыпатында белгиленди.

Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) ҳәм Экономикалық раўажланыў арқалы финанслық-техникалық жәрдем бағдарламалары шеңберинде улыўма баҳасы 750 миллион доллардан аслам болған 17 жойбар, соның ишинде, Химиялық технологиялар орайы, жасы үлкенлер ушын клиника шөлкемлестириў, елимиздиң медицина ҳәм билимлендириў мәкемелерин үскенелеў жойбарлары әмелге асырылмақта.

Япония ҳәм Қубла Корея менен қоспа жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде жәми 1 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестицияларын өзлестириў нәзерде тутылмақта.

Улыўмаластырып айтқанда, ерисилген келисимлерди толық әмелге асырыў 50 мыңнан аслам жаңа жумыс орынларын жаратыў, өндирис көлемлерин 4,1 миллиард долларға, экспорт көлемин болса, 1,14 миллиард долларға арттырыў имканиятын береди.

2019-жылы Бирлескен Араб Әмирликлерине әмелге асырылған жоқары дәрежели сапар етиў жуўмағында салмақлы еки тәреплеме ҳүжжетлердиң топламы, соның ишинде, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық келисимлерге қол қойылған еди. Энергетика, инфраструктура, химия ҳәм нефть-химия, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да тараўларда қоспа жойбарларды әмелге асырыў режелестирилмекте.

Бүгинги күнде улыўма баҳасы 4 миллиард доллардан аслам анық жойбарлар ислеп шығылмақта. БАӘ инвестициясының қатнасыўындағы кәрханалардың саны 141 ди қурамақта. Әмирликлер компаниялары менен келисимлер өз нәтийжесин берип атырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, «Masdar» компаниясы Наўайы ўәлаятында 500 МВт қуўатлылығына ийе самал электр станциясының қурылысына инвестиция киргизбекте, инвестициялардың улыўма көлеми болса 500 миллион доллардан артты.

Абу-Даби раўажланыў фондының қатнасыўында жәрияланған капиталы 1 миллиард доллар болған қоспа инвестициялық компания шөлкемлестирилди. Компания дәслепки жойбарларын қаржыландырыўды баслады.

Сондай-ақ, Абу-Даби раўажланыў фонды Самарқанд қаласының инфраструктурасын модернизациялаўда қатнаспақта.

БАӘниң «Mubadala» мәмлекетлик инвестициялық компаниясы менен энергетика тараўында ҳәм углеводородлар қазып алыўды көбейтиў және оларды терең қайта ислеўди шөлкемлестириў бойынша жойбарлар ислеп  шығылмақта.

Президент Шавкат Мирзиёев Япония, Корея Республикасы ҳәм БАӘ менен бирге ислесиў бойынша «жол карталары»ның 2020-жыл ушын белгиленген илажларын толық ҳәм сапалы орынлаў зәрүрлигин атап өтти.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларының есабатлары тыңланды, анық ўазыйпалар ҳәм илажлар белгилеп берилди.

 

ӨзА