Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 22-майдағы «Аўыл хожалығында суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм суўды жеткерип бериў бойынша қәрежетлерди қаплаў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, бир қатар жаңалықлар енгизилди.

Онда көрсетилген талапларға муўапық, «Өзагроинспекция» Қарақалпақстан Республикасы басқармасының тийисли буйрығы менен суўды жеткерип бериўши шөлкемлер ҳәм суўдан пайдаланыўшылар (тутыныўшылар), суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суўды тутыныўшылар арасында жүргизилетуғын алды-берди журналларын шнурланған ҳалда инспекцияның районлық бөлимлеринде дизимге алыў тәртиби енгизилетуғын болды.

– Орынлардағы суў жеткерип бериўши шөлкемлер, суўдан пайдаланыўшылар ҳәм суўды тутыныўшылардың суўды алыў орынлары инвентаризациядан өткериледи,-дейди басқарманың Аўыл хожалығына мөлшерленген суў ресурсларынан ҳәм жерден пайдаланыўды қадағалаў бөлиминиң инспекторы Б.Ибраймов. – Суўды басқарыў ҳәм есапқа алыў қураллары менен үскенеленген суў алыў орынларына ҳәм жүргизилетуғын суўды алды-берди журналларына анықлық киргизиледи.

Суўды алды-берди журналларын дизимнен өткериў ҳәм суў алыў орынларын суўды басқарыў ҳәм есапқа алыў қураллары менен үскенелемей суў алыўға қарсы шара қолланыў тәртиплери туўралы орынларда оқыў-семинарлар өткерилиўи режелестирилген.

Инвентаризациялаў нәтийжелерине муўапық, суўды басқарыў ҳәм есапқа алыў қураллары менен үскенелемеў және суўды алды-берди журналын жүргизбеў жағдайлары бойынша белгиленген тәртипте тийисли шара көриледи.

Суўды алыў орынларын суўды басқарыў ҳәм есапқа алыў қураллары менен үскенелеў ҳәм суўдың есап-санағы бойынша системалы түрде мониторинг алып барылып, орынларда мақсетли үйрениў жумыслары әмелге асырылып барылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги