Өзбекистан Республикасының 2010-жыл 7-июньдеги «Халық арасында микронутриент жетиспеўшилиги профилактикасы ҳаққында»ғы Нызамы халықтың саламатлығын қорғаўдың ҳуқықый тийкарларын жаратпақта.

Бул нызамда микронутриентлер – инсан организминиң нормал өсиўи ҳәм раўажланыўы ушын зәрүр болған, орнын басқа ҳеш нәрсе баса алмайтуғын азық-аўқат өнимлери (витаминлер ҳәм минерал затлар): микронутриент жетиспеўшилиги – инсан организмине азық-аўқат арқалы түсетуғын микронутриентлер жеткиликли емеслиги себепли кеселликлердиң раўажланыўына алып келетуғын жағдай, деп түсиндирилген. Ҳәзирги ўақытта азық-аўқат өнимлери «нутриентлер» деген халықаралық термин менен аталады.

«Гано шыпа» жәмәәти усы нызам қабыл етилген дәслепки күнлерден-ақ, оның орынланыўын тәмийинлеўге үлес қосыўға ҳәрекет етип атыр ҳәм Өзбекистан Республикасы Нызамларына сай түрде сертификатлаў мәселелериниң шешимин тапты.

Пайтахтымызда өткерилген «Саламатлығымыз өз қолымызда» атамасындағы илажда Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасының усы тараўдағы қәнигелери, «Гано шыпа» жәмәәтиниң аймақтағы ағзалары қатнасты.

Онда малайзиялы шыпакер, халықаралық «GANO EXCEL» корпорациясының иммунологи, медицина илимлериниң кандидаты Чонг Ква Хо, оның Өзбекистандағы қәнигеси А.Низамутдинова, Роял машрум оқыў орайының директоры Туран Илимлер академиясының академиги Г.Низамутдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, усы жәмәәттиң жети жылдан берли «Саламатлық ҳәм абаданлықтың елшиси» сыпатында Малайзияның«GANO EXCEL» корпорациясы менен бирге ислесип, бир қатар унамлы нәтийжелерге ерискенлигин атап өтти.

Әсиресе, өткен 2016-жылы республикамыздың  барлық аймақларында «Социаллық шериклик» Нызамы  тийкарында мәкемелер, мәҳәлле белсендилери, ўәлаят, район басшылары, депутатлар менен бирге ислесиў арқалы «Саламатлық өз қолымызда» сүрени астында бир қатар илажлар әмелге асырылған. Бүгинги күнде корпорацияның сийрек гезлесетуғын, жүз процентлик тәбийғый затлардан  таярланған өнимлеринен елимизде  өз саламатлығын беккемлеп атырған 80 мыңнан аслам тутыныўшы бар.

Бүгинги күнде корпорация 5 мың жыллық тарийхқа ийе дурыс аўқатланыўдың сийрек гезлесетуғын бағдарламасын усыныс етпекте. Әййемги әсирлердеги формулалар ҳәм жаңа нано технологиялар тийкарында жаратылып атырған бул өнимлер адам организминиң ишки резервлик имканиятларын тиклеўге жәрдем береди. Ҳәзирги ўақытта 100 ден аслам мәмлекетлер «GANO EXCEL» корпорациясы менен бирге ислеспекте.

Жәмәәт «Устаз-шәкирт» принципи тийкарында ҳәр бир шәкиртке кәсип-өнерлерди бийпул үйретеди. Бүгинги күнде жәмәәтте жеке тәртипте жумыс ислеп атырғанлардың саны 300 ден асты.

Илаж қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.