Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўиниң ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссиясы халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў ҳәм коронавирус кеселлигин республика аймағы бойлап тарқалыўының алдын алыў мақсетинде Ташкент қаласына республиканың барлық аймақларынан кириў ҳәм Ташкент қаласынан республиканың барлық аймақларына шығыўды ҳәр қандай транспорт қуралларында (автобус, автомобиль, авиа, темир жол) 2020-жыл 24-март күни саат 00:01 ден баслап тоқтатыў бойынша қарар қабыл етти.

Онда Ташкент қаласына кириў ҳәм шығыўдағы шеклеўлер жүк тасыў менен байланыслы жағдайларға, сондай-ақ, Ташкент қаласында турақлы жасайтуғын (дизимнен өткен) шахсларға Ташкент қаласына кириў ушын қолланылмайтуғыны белгиленди.

 

ӨзА