Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң бийлигине муўапық, усы жылдың 14-15-март күнлери елимиз бойлап «Абат журт» улыўма халықлық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў қайырқомлық шембилиги өткерилиўи белгиленген еди.

 

Бүгин, 14-март күни азанғы ўақыттан баслап елимиздиң барлық аймақларында пуқараларымыз терек ҳәм гүл нәллерин егип, бағ ҳәм гүлзарлар жаратыў, оларға суў қуйыў, қоршаған орталықты ҳәр қыйлы шығындылардан тазалап, тереклер және жол шетлериндеги тосықлар, дийўалларды ҳәклеў жумысларын аўызбиршиликли түрде алып бармақта.

 

Сондай-ақ, аймақлардағы социаллық жәрдемге мүтәж кекселер, пенсионерлер ҳәм майыплығы болған адамлар, жалғыз жасайтуғын қарыялар, кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған шаңарақлардың турақ жай шараятларын жақсылаўға көмеклесиў бойынша да жумыслар даўам етпекте.

 

Фотолар авторы: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.