Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине 25 жыл толыў мүнәсибети менен бақсы қыз Гүлбәҳәр Ақымбетова ҳәм жас журналист Гүлжәҳән Сейтназаровалар Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң карары тийкарында «Өзбекистан белгиси» көкирек нышаны менен сыйлықланды.
Бул еки жерлесимиз де журналистика тараўында тәлим алған жаслар саналады.
Гүлжәҳән Сейтназарова 1992-жылы Кегейли районында туўылған. Балалығынан әдебиятқа меҳир қойған. Ол 2015-жыл Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қарақалпақ филологиясы факультети Журналистика тәлим бағдарында ҳәм магистратура қәнигелигинде билим алған.
Оның «Бәҳәрим келди» ҳәм «Бахытлы қызлар» атлық қосық ҳәм гүрриңлер топламы «Қарақалпақстан» баспасынан басып шығарылды. Бүгинги күнге шекем отызға жақын илимий мақала ҳәм тезислери халықаралық ҳәм Республикалық илимий-әмелий конференция материалларында, илимий журналларда жәрияланған.
Ҳәзирги күнде журналистлик хызмет пенен бирге илимий жумыс үстинде ислемекте.
Гүлбәҳәр Ақымбетованы халқымыз бақсышылық өнери менен жақсы таныйды. Ол 2005-жылы «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты атанып, Өзбекистан Жәҳән тиллер университетиниң халықаралық журналистика бағдарында оқып, билим алды. Соң Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Журналистика қәнилегили бойынша магистратурада оқыды. Оқыў барысында ол «Өзбегим жаслары» ансамбли менен биргеликте Испания, Малайзия, Франция, Португалия мәмлекетлеринде болып, елимиздиң көркем өнерин танытып қайтты.
Г.Ақымбетова өзиниң мийнет жолын Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер институты Нөкис филиалында оқытыўшы болып ислеўден баслады. 5 жылдан берли усы дәргайда жемисли мийнет етпекте. 2015-жылы «Дослық» ордени менен сыйлықланған болса, сол жылдың өзинде «Қарақалпақстан халық бақсысы» атағын алыўға да миясар болды.
Ол республикалық көлемде өткерилетуғын Наўрыз, Ғәрезсизлик ҳәм басқа да байрамларда хош ҳаўазлы лапызы менен мыңлаған ўатанласларымыздың қулақларының қурышын қандырып келмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги