Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Репродуктивлик жастағы ҳаяллар, ҳәмиледарлар ҳәм балалар ушын заманагөй, жоқары технологиялық, қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде және 2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясына муўапық:

  1. репродуктивлик жастағы ҳаяллар, ҳәмиледарлар ҳәм балаларға көрсетилетуғын медициналық жәрдемниң сапасын арттырыў ҳәм көлемин буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли бағдарлары етип белгиленсин:

репродуктив жастағы ҳаяллар-қызлар, ҳәмиледарлар ҳәм балаларға көрсетилетуғын бирлемши медициналық жәрдемниң көлемин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыў;

ҳаяллар ҳәм балаларға жоқары дәрежедеги, қәнигелестирилген жоқары технологиялық медициналық жәрдем көрсетиў ушын заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў;

ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм балалар ушын қәнигелестирилген жоқары технологиялық медициналық хызмет көрсететуғын мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, сондай-ақ, олардың имаратларын реконструкциядан шығарыў, ҳәр тәреплеме оңлаў ҳәм жаңаларын қурыў;

майыплығы болған балаларды медициналық-социаллық реабилитациялаў ҳәм саламатлығын тиклеў, олардың жәмийетлик турмыста қатнасыўы ушын шараятларды жаратыў бойынша илажларды әмелге асырыў;

заманагөй талапларға жуўап бере алатуғын ҳәм алдыңғы технологияларды ийелеген жоқары маман медициналық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў арқалы репродуктивлик жастағы ҳаяллар, ҳәмиледарлар және балаларға көрсетилетуғын медициналық хызметтиң сапасын жақсылаў;

саламат перзентлердиң туўылыўы, раўажланыўы ҳәм тәрбиясы мәселелери бойынша халық арасында түсиник жумысларын күшейтиў, жаслар арасында саламат турмыс тәризи көнликпелерин қәлиплестириў.

  1. 2019-2023-жылларда репродуктивлик жастағы ҳаяллар, ҳәмиледарлар ҳәм балаларға көрсетилетуғын медициналық жәрдемниң сапасын арттырыў ҳәм көлемин буннан былай да кеңейтиўге бағдарланған илажлардың бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў кеңеси (кейинги орынларда – Кеңес) 2-қосымшаға муўапық шөлкемлестирилсин.
  3. Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў бойынша қабыл етилген бағдарламалар ҳәм илажлардың ҳәр бир ўәлаятта, районда (қалада) әмелге асырылыўын және жуўапкерлер тәрепинен олардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў;

халық, бәринен бурын, жаслар арасында медицина ҳәм билимлендириў мәкемелери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети, ғалаба хабар қураллары менен биргеликте саламат шаңарақты қәлиплестириў, жас-өспиримлер, әсиресе жас өспирим қызлардың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, ана ҳәм баланың саламатлығын қорғаў бойынша кең үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиник жумысларын шөлкемлестириў ҳәм алып барыў;

аналар ҳәм балалардың саламатлығын қорғаў системасы мәкемелериниң жумысын терең таллаў, усы бағдарда тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырыў, аналар ҳәм балалардың кеселликке шалыныўын ҳәм өлимин азайтыў бойынша тәсиршең механизмлерди өз ишине алған илажлардың ислеп шығылыўын ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлеў.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Кеңестиң жумысшы уйымы есапланатуғыны;

Кеңестиң ўазыйпаларын әмелге асырыўда тийисли министрликлер ҳәм уйымлар оған ўәкилликлери шеңберинде ҳәр тәреплеме жәрдем беретуғыны және соралған керекли мағлыўматларды усынып баратуғыны;

Кеңестиң жумысшы уйымы халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналар ҳәм балалардың саламатлығын қорғаў бойынша қабыл етилген бағдарламалар ҳәм илажлардың орынланыўы бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тийисли усынысларды киргизип баратуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ЮНИСЕФ ҳәм БМШ елтаныўшылық қорының Өзбекстандағы ўәкилханалары тәрепинен ислеп шығылған және Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик траст фондының финанслық жәрдеминде әмелге асырылыўы белгиленген Қарақалпақстан Республикасында ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм нәрестелерге көрсетилип атырған перинатал жәрдемниң сапасын ҳәм ғалабалығын арттырыў жойбары (кейинги орынларда – Жойбар) 3-қосымшаға муўапық мақуллансын.

Жойбар шеңберинде:

кирип келип атырған дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техникаға байланыслы оларды мәмлекетлик реестрге киргизбей ҳәм орнатылған жыйымларды өндирмеген ҳалда бир мәртелик мәмлекетлик дизимге алынатуғыны ҳәм дизимнен өткериў гүўалығы берилетуғыны, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасынан тысқарыда әмелге асырылған дәри қуралларын дизимге алыў нәтийжелериниң тән алынатуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте ЮНИСЕФ ҳәм БМШ елтаныўшылық қорының Өзбенкстандағы ўәкилханаларына Жойбарды өз ўақтында сапалы әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме жәрдем беретуғыны ҳәм оның ушын зәрүрли шөлкемлестириўшилик-әмелий илажларды көретуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги және ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2020-жыл 1-мартқа шекем ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында ҳаяллар ҳәм нәрестелерге көрсетилип атырған перинатал жәрдем системасын терең таллап, оның сапасын ҳәм ғалабалығын арттырыў бойынша аймақлық жойбарларды (кейинги орынларда – аймақлық жойбарлар) ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

аймақлық жойбарларды әмелге асырыўдан тийкарғы мақсет перинатал жәрдемниң сапасын ҳәм медициналық мәкемелердиң инфраструктурасын, олардың медициналық әсбап-үскенелер ҳәм кадрлар менен тәмийинлениў дәрежесин Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен аналық ҳәм балалықты қорғаў тараўында усыныс етилген стандартларға муўапықлакстырыў болып есапланатуғыны;

аймақлық жойбарлар ҳәр бир аймақтың индивидуал өзгешеликлери, соның ишинде, оның географиялық жайласыўының халықтың саламатлығына тәсири, аналар ҳәм балалардың кеселлениўи және өлими дәрежеси, медициналық мәкемелердиң үскенеленгенлиги, кадрлардың потенциалын ҳәм халықтың медициналық саўатлылық дәрежесин есапқа алған ҳалда ислеп шығылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте аймақлық жойбарлар шеңберинде аналықты ҳәм балалықты қорғаў мәкемелерин сырт мәмлекетлер, халықаралық финанслық шөлкемлердиң жеңиллетилген кредитлери және грантлары және бюджеттен тысқары басқа да қаржыларды тартқан ҳалда медициналық, соның ишинде, жоқары технологиялы әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги және Қаржы министрлигиниң төмендегилерди шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин:

Республикалық қәнигелестирилген балалар хирургиясы илимий-әмелий медициналық орайы (кейинги орынларда – Балалар хирургиясы орайы);

Республикалық балалар медициналық реабилитация орайы (кейинги орынларда – Реабилитация орайы);

Республикалық қәнигелестирилген акушерлик ҳәм гинекологиялық илимий-әмелий медициналық орайы жанында Жәрдемши репродуктивлик технологиялар орайы;

районлық (қалалық) медициналық бирлеспелерде, балалар анестезиология-реанимация ҳәм интенсив терапия бөлимлери және наўқас балаларға күни-түни қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўши нәўбетши шыпакер постлары.

  1. Балалар хирургиясы орайы Ташкент педиатрия медициналық институтының клиникасы, Республикалық балалар аз инвазив ҳәм эндовизуал хирургия илимий-әмелий орайы, Республикалық перинатал орайы жанындағы неонатал хирургия оқыў-емлеў методикалық орайы, Республикалық қәнигелестирилген нейрохирургия илимий-әмелий медициналық орайы балалар бөлими және Ташкент қалалық 2-санлы балалар клиникалық емлеўханасының коикалар фонды ҳәм штат бирликлерин оптималластырыў есабынан Ташкент педиатрия медициналық институтының клиникасы аймағында мәмлекетлик медициналық мәкемеси көринисинде;

Реабилитация орайы Республикалық балалар таяныш-ҳәрекет системасы кеселликлери реабилитация орайы тийкарында және Республикалық қәнигелестирилген терапия ҳәм медициналық илимий-әмелий медициналық орайының балалар бирлеспесиниң коикалар фонды ҳәм штат бирликлерин оптималластырыў есабынан мәмлекетлик медициналық мәкемеси көрнисинде;

балалар анестезиология-реанимация ҳәм интенсив терапия бөлимлери және наўқас балаларға күни-түни қыстаўлы медициналық жәрдем көрсететуғын нәўбетши шыпакерлик постлары районлық (қалалық) медициналық бирлеспелери қыстаўлы бөлимлериниң қолда бар педиатриялық коикалар фонды ҳәм штат бирликлери тийкарында;

Жәрдемши репродуктивлик технологиялар орайы Республикалық қәнигелестирилген акушерлик ҳәм генекология илимий-әмелий медициналық орайының бюджеттен тысқары қаржылары есабынан юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда шөлкемлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

а) Балалар хирургиясы орпайының тийкарғы ўазыйпалары етип:

18 жасқа шекемги болған балаларға кардиохирургия, урология, неонатал хирургия, нейрохирургия ҳәм хирургияның басқа да бағдарлары бойынша жоқары технологияларға тийкарланған қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў;

балалар хирургиясы тараўы бойынша жоқары технологияларға тийкарланған фундаменталь, әмелий ҳәм иннвоациялық илимий-изертлеўлерди жүргизиў, сондай-ақ, тараўды жәҳән тәлим ҳәм илимий жәмийетшилигине интеграциялаў тийкарында раўажландырыў;

б) Реабилитация орайының тийкарғы ўазыйпалары етип:

18 жасқа шекемги болған наўқас балалардың турмыслық сапасын жақсылаў, сондай-ақ, саламатлығын реабилитациялаў арқалы емлеў, майыплықтың алдын алыў;

кеселликлердиң профилактикасы ҳәм медициналық реабилитация бойынша жоқары технологияларға тийкарланған қәнигелескен жәрдемге болған талапты қанаатландырыў, республика тараўлық мәкемелерине шөлкемлестириўшилик-методикалық жәрдем бериўди жолға қойыў;

в) Жәрдемши репродуктивлик технологиялар орайының тийкарғы ўазыйпалары етип:

халыққа төлемли тийкарда жоқары дәрежеде қәнигелескен медициналық жәрдем көрсетиў, бийперзентликтиң алдын алыў, жәрдемши репродуктивлик технологиялардың усылларын қабыл етилген клиникалық протоколлар ҳәм стандартлар тийкарында қолланыў;

заманагөй және халықаралық талапларға жуўап беретуғын ең алдынғы диагностикалық ҳәм емлеў стандартларын әмелиятқа енгизип, усы бағдарда сырт мәмлекетлердеги медициналық мәкемелер менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў белгиленсин.

  1. Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги Өзбекстан Республикасы жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетелик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Қурылыс министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен бирлегликте бир ай мүддетте балалар хирургиясы орайын қурыў ушын Ташкент педиатрия медициналық институты клиникасы аймағынан белгиленген тәртипте жер майданының ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

2020-жыл 1-апрельге шекем Балалар хирургиясы орайын халықаралық талаплар ҳәм стандартлар тийкарында қурыў бойынша жойбарлаў смета ҳүжжетлери ислеп шығылыўын;

2023-жыл 1-январьға шекем Балалар хирургиясы орайының қурып питкерилиўин ҳәм иске түсирилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жеке меншик медициналық мәкемелер ушын туўыўды қабыллаў медициналық хызмет түри менен шуғылланыўға рухсат бериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

туўыўды қабыллаў медициналық түри менен шуғылланыў тек ғана Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң «Қәўипсиз аналық» стратегиясы талапларына әмел етилиўин тәмийинлей алатуғын, жанландырыў, нәрестелерди жанландырыў, мүддетине жетпей туўылған нәрестелерди сақлаў, эндовизиуал гинекология бөлимлери, поликлиника, бактериологиялық ҳәм клиникалық-биохимия лабораториялары және жоқары маманлықтағы медициналық хызметкерлери болған, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў ҳәм ПҲАЖ уйымлары арасында туўылыў ҳәм өлим ҳаққында электрон мағлыўматлар алмасыў бағдарламасын турақлы жүргизиў шәрти менен жеке меншик медициналық мәкемелерге рухсат етиледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-мартқа шекем денсаўлықты сақлаў ҳәм ПҲАЖ уйымлары арасында туўылыў ҳәм өлим ҳаққындағы электрон мағлыўматларды алмасыў бағдарламасын (кейинги орынларда – Электрон мағлыўматлар алмасыў бағдарламасы) төмендегилерди есапқа алған ҳалда жетилистирсин:

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен аналықты ҳәм балалықты қорғаў тараўында усыныс етилген есабаттың формаларын реал ўақыт режиминде жүргизиў;

электрон мағлыўматлар алмасыў бағдарламасына жеке меншик медициналық мәкемелердиң жалғаныўы және оны денсаўлықты сақлаў комплексли мәлимлеме системасына интеграциялаў ушын зәрүрли шараятларды жаратыў.

  1. Электрон мағлыўматлар алмасыў бағдарламасы 2020-жыл 1-июльдан баслап мүлкшилик түрине ҳәм уйымлық бойсыныўына қарамастан барлық туўыўды қабыллаў мәкемелеринде жүргизилиўи мәжбүрий есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

2020-жыл 1-февральға шекем Реабилитациялық орай ҳәм Жәрдемши репродуктивлик технологиялар орайының реже ҳәм  структуралық қурамын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

үш ай мүддетте жеке меншик медициналық мәкемелер тәрепинен туўыўды қабыллаў медициналық хызмет түри менен шуғылланыў ушын айрықша лицензия талаплары, соның ишинде, Электрон мағлыўматлар алмасыў бағдарламасын жүргизиў шәртлерин ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы менен биргеликте 2020-жыл 1-июньға шекем дәлиллерге тийкарланған медицинаға муўапық заманагөй емлеў-диагностика хызметлери бойынша усыл ҳәм технологияларды киргизген ҳалда, аналықты ҳәм балалықты қорғаўға байланыслы клиникалық протоколларды, диагностика ҳәм кеселликлерди емлеў стандартларын қайта көрип шықсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және Қаржы министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-январьға шекем бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем хызмети системасында бар улыўма әмелият шыпакерлериниң жумыс жүклемелерин қайта көрип шығыў ҳәм санын оптималластырыў есабынан педиатр ҳәм акушер-гинеколог штат бирликлерин нәзерде тутатуғын штатлар нормаларын тастыйықласын.

Улыўма әмелият шыпакери қәнигелигинен педиатр ҳәм акушер-гинеколог лаўазымына өтетуғын қәнигелердиң жумыс стажы  ҳәм категориясы сақланады.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-апредьдеги ПҚ-2863-санлы қарары менен тастыйықланған Медициналық хызметтиң халықтың турмысы, саламатлығы ҳәм санитария-эпидемиологиялық жағдайына үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин болған ҳәм жеке меншик медициналық мәкемелер ушын қадаған етилген айырым түрлери дизиминиң рус тилиндеги тексти 4-бәнтиндеги «Принятие родов и прекращение» сөзлери «Прекращение» сөзи менен алмастырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 8-ноябрь