Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 27-ноябрь күни Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўде тәреплер Өзбекистан — Қазақстан қатнасықларының әҳмийетли мәселелери, сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникациялық ҳәм басқа да тараўлардағы өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў перспективалары бойынша пикир алысты.

Мәмлекет басшылары дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 25 жыл толған быйылғы жыл анық әмелий мазмунға бай болғаны және еки тәреплеме қатнасықларды сезилерли дәрежеде беккемлеў, жаңа, сапа жағынан және де жоқары басқышқа көтериў имканиятын бергенин айрықша атап өтти.

Өзбекистан ҳәм Қазақстанның өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўи жедел кеңейип бармақта, барлық дәрежеде, соның ишинде, шегара алды аймақлар ҳәм исбилермен топарлар арасындағы сөйлесиўлер жеделлеспекте. Усы жылдың басынан берли өз-ара товар алмасыўдың көлеми сезилерли артты, қоспа саўда үйлери ҳәм заманагөй өндирис кәрханалары шөлкемлестирилди.

Мәмлекет басшылары бирге ислесиў бойынша режелестирилген, бәринен бурын, экономика тараўындағы бағдарлама ҳәм жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў мақсетинде биргеликте және де белсенди ҳәрекет етиў зәрүрлигин атап өтти.

Тәреплер сыртқы сиясат ҳәм жетекши халықаралық шөлкемлер шеңберинде де нәтийжели бирге ислесиў әмелге асырылып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сөйлесиў әмелий пикир алысыў, мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм жақын қоңсышылық қатнасықлары руўхында өтти.

ӨзА