Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Мун Чжэ Инниң мирәт етиўине бола 21-ноябрь күни мәмлекетлик сапар менен Корея Республикасына жөнеп кетти.

Бурын хабар етилгениндей, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекистан Республикасы менен Корея Республикасы арасында өз-ара бирге ислесиўдиң кең көлемли мәселелери, сиясий, саўда-экономикалық, қаржы-инвестициялық, илимий-техникалық, мәдений-гуманитар ҳәм басқа да салалардағы мәмлекетлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў перспективаларын додалаў, регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысыў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы Миллий Ассамблея Спикери ҳәм Корея Республикасының Бас министри менен де ушырасады, еки мәмлекеттиң жетекши экономикалық ҳәм қаржы структураларының басшылары, ири исбилерменлердиң қатнасындағы Өзбекистан – Қубла Корея бизнес форумында қатнасады.

Сапар етиўдиң жуўмақлары бойынша Өзбекистан Республикасы ҳәм Корея Республикасы Президентлериниң Стратегиялық шерикликти ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳаққындағы қоспа баянатттың қабыл етилиўи, сондай-ақ, ҳәр қыйлы салалардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге ҳәм кеңейтиўге байланыслы көплеген ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық ҳүжжетлерге,  коммерциялық келисимлер менен шәртнамаларға қол қойылыўы күтилмекте.

ӨзА