Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 13-ноябрь күни геология-излеў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, минерал-шийки зат ҳәм қымбат баҳалы металлар ресурс базасын және өндирис көлемин кеңейтиў бойынша әҳмийетли стратегиялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев елимизди 2016-жылы социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы жуўмақларына ҳәм 2017-жылға мөлшерленген экономикалық бағдарламаның ең тийкарғы бағдарларына бағышланған Министрлер Кабинетиниң кеңейтилген мәжилисинде Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң жумыс нәтийжелилигине айрықша итибар қаратып, тараўда өндиристи көбейтиў ҳәм жаңа фабрикалар қурыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берген еди.

Соған муўапық, жер астын комплексли геологиялық үйрениў және узақ келешекке мөлшерленген минерал-шийки зат базасын раўажландырыў жумыслары жаңа басқышқа шықты. Усы жылдың өзинде Президенттиң тараўға байланыслы бес қарары ҳәм Министрлер Кабинетиниң бир қатар қарарлары қабыл етилди.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 24-майдағы «Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети системасында бирден-бир геология хызметин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық тараўда жаңа система жаратылды.

Жер астын геологиялық үйрениў, оннан пайдаланыў ҳәм қорғаў саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, нызамшылық қатнасықларын басқарыў, минерал-шийки зат базасын жедел раўажландырыў ҳәм қайта толықтырылыўын тәмийинлеў, шийки заттың жаңа түрлерин ҳәм кәнлерин излеў, геология-излеў жумысларына заманагөй усыл ҳәм жоқары технологияларды енгизиў, кадрлар маманлығын арттырыў Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди.

Наўайы кән-металлургия комбинатының «Қымбат баҳалы металлар ҳәм уран геологиясы» илимий-өндирислик орайының және Алмалық кән-металлургия комбинатының «Реңли металлар геологиясы» илимий-өндирислик орайы комитеттиң қурамына өткерилди. Бүгинги күнде Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң қурамында 32 шөлкем 4 бағдар бойынша жумыс алып бармақта.

Комитеттиң ўазыйпалары менен ўәкилликлери кеңейди, жаңа кәнлер табыў ҳәм резервлерди көбейтиўге қаратылған потенциалы артты. Геологиялық үйренилип атырған пайдалы қазылма түрлериниң саны 12 ден 35 ке жетти.

Геология-излеў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде тараў избе-из модернизацияланбақта. Лаборатория-талқылаў үскенелери жаңаланбақта. Мәселен, бурын руда қурамындағы 32 элемент анықланған болса, жаңа заманагөй технологиялардың нәтийжесинде бүгинги күнде 74 пайдалы зат анықланбақта.

Алдынғы шет ел тәжирийбесин үйрениў тийкарында геология-излеў процесине 2018-жылдан аэрогеофизикалық усыллар менен үскенелерди енгизиў режелестирилген. Бул перспективалы геологиялық ресурсларды жоқары анықлықта белгилеў имканиятын береди. Бирақ еле тараўдың алдында бир қатар әҳмийетли мәселелер бар. Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети жер астын геологиялық үйрениў, пайдаланыў, қорғаў ҳәм басқарыўға жуўапкер уйым етип белгиленгенине қарамастан, оның жумысы геология-излеў жумысларын орынлаў менен шекленип қалмақта.

Мәжилисте геология саласының бүгинги жағдайы сын көз-қарастан талықланды. Жер астынан ақылға муўапық пайдаланыў, қорғаў ҳәм кәншиликти басқарыўда анық механизм жоқ екени, бул тараўға жеткиликли итибар берилмегени көрсетип өтилди. Бул тараўда алдынғы шет еллердиң тәжирийбесин үйренген ҳалда Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң пүткиллей жаңа структурасын және бағдарларын ислеп шығыў, потенциалын арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

2017-2121-жылларға мөлшерленген минерал-шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта толықтырыў, мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде геология-излеў жумыслары кесте тийкарында әмелге асырылмақта. Быйыл Пайдалы қазылмалар резервлери бойынша мәмлекетлик комиссия тәрепинен 13 кән бойынша резервлер тастыйықланып, санаатта өзлестириўге таярланды. Жыл ақырына шекем және 13 кән бойынша резервлер тастыйықланыўы режелестирилген.

Президентимиз таў-кән санаатының узақ мүддетли перспективаларына, тараўдың аймақларда санаатты раўажландырыўдағы орнына айрықша итибар қаратты. Тармаққа шет ел инвестицияларын жедел тартыў, пайдалы қазылмаларды өзлестириў ҳәм қайта ислеў көлемин кеңейтиў, жаңа кәрханалар шөлкемлестириў ҳәм жумыс орынларын жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Жуўапкер министрликлер ҳәм шөлкемлерге минерал-шийки зат базасын раўажландырыў бағдарламасын қайта көрип шығыў ҳәм жетилистириў тапсырылды.

Мәжилисте тараўдағы ири мәкемелер – Наўайы кән-металлургия комбинаты ҳәм Алмалық кән-металлургия комбинаты тәрепинен әмелге асырылатуғын жойбарлардың орынланыўына да итибар қаратылды.

Президентимиздиң басламасы менен қабыл етилген бағдарламаға муўапық 2017-2026-жылларда  Наўайы кән-металлургия комбинатында 27 жойбарды әмелге асырыў белгиленген. Нырқы 3 миллиард 63 миллион доллар болған бул жойбарлардың нәтийжесинде 2026-жылға барып өндирис көлеми 30 процентке артады. Қосымша 31 мыңға жақын жумыс орны жаратылады.

Бул әҳмийетли жойбарларды исенимли электр энергиясы менен тәмийинлеў бойынша илажлар бағдарламасын тастыйықлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Алмалық кән-металлургия комбинаты тәрепинен улыўма нырқы 2 миллиард 720 миллион доллардан аслам 18 инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта. «Ёшлик-1» ҳәм «Ёшлик-2» кәнлерин өзлестириў, «Самарчуки» жер асты кәнин қурыў ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты Шерабад районында цемент заводын қурыў олардың арасында ең әҳмийетлисинен болып табылады.

Мәжилисте «Ёшлик-1» ҳәм «Ёшлик-2» кәнлерин өзлестириўди буннан былай да жеделлестириў бойынша усыныслар берилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына ҳәм ўәлаятларға сапарлары ўақтында геология саласына байланыслы сексенге жақын ўазыйпалар белгилеген. Соның ишинде, жер асты суўлары резервлерин кескин көбейтиў ҳәм халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, Ангрен ҳәм Алмалық аймақларында пайдалы қазылма базасын кеңейтиў ҳәм кәнлерди санаатта өзлестириў бойынша жумыслар баслап жиберилген.

Жуўапкер адамлардың бул бойынша есаплары тыңланды.

Кадрлар таярлаў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Саланы заманагөй қәнигелер менен тәмийинлеў ушын Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети жанында қәнигелестирилген жоқары оқыў орнын шөлкемлестириў, онда илимий излениўлерге үлкен әҳмийет қаратыў, өндирис кәрханалары ҳәм билимлендириў системасы арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте геология-излеў жумысларын алдынғы технологиялар тийкарында шөлкемлестириў, иске қосылмаған имканиятлардан пайдаланыў, тараўдың экономикалық-социаллық потенциалын буннан былай да арттырыў мәселелери талқыланды. Министрлик, комитет ҳәм комбинатлар алдында турған әҳмийетли мәселелер белгилеп берилди.

ӨзА