Көпшилик абитуриентлер арасында «Бир жоқары оқыў орнының 3 тәлим бағдарына тапсырыўға бола ма?» деген сораўына жуўап берилди.
Жуўап: Аўа, егер сиз тапсырып атырған жоқары оқыў орнының 3 факультетинде тест пәнлери избе-изликте болса тапсырыўыңыз мүмкин болады.
Мәселен: ТИТУдың компьютер инжиниринги факультетине ҳүжжет тапсырдыңыз. Бунда тест болатуғын пәнлер избе-излиги:
1) Математика;
2) Физика;
3) Инглис тили.
Қалған еки тәлим бағдарына усы пәнлердиң избе-излиги сақланған ҳалда тапсырыў имканияты бар. Яғный:
1) Мәлимлеме қәўипсизлиги;
2) Бағдарламалық инжиниринг.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.