Халқымыздың байлығы есапланған ғәлле өнимлериниң (бийдай, арпа, сулы, мәкке ҳәм т.б.) жыйын-терим мапазында, сондай-ақ, оларды қоймаханаларда ўақытша сақлағанда өртке қарсы барлық илажлар әмелге асырылып, жыйын-теримге қатнасыўшы барлық хызметкерлер, комбайн операторлары, трактор ҳәм автомобиль басқарыўшылары өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиўи шәрт.
Хош, ғәлле атызларында өрт келип шықпаўы ушын қандай қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў керек? Егер атызларда өрт келип шықса қандай шаралар қолланылады? Усы мазмундағы сораўларға Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы баслығы, майор А.С.Давлетов жуўап берди.
Ғәлле атызлары комбайнның бир күнлик орыў мүмкиншилигине қарай майданларға бөлинеди. Автомобиль, темир жоллары менен ғәлле атызлары аралығында 8 метрден кем болмаған аралықта жоллар ашылады ҳәм 4 метр кеңликте сүриледи.
Өнимди жыйнаўға қатнасыў ушын тек жанармай, от алдырыў ҳәм майлаў тармақлары саз болған трактор, комбайн ҳәм автомобильлерге рухсат етиледи. Ғәллени қабыллаў, сақлаў орынлары ҳәм қайта ислеў кәрханалары және қырманлар қосымша ушқын сөндиргишлер менен жетерли дәрежеде тәмийинлениўи керек.
Ҳәр бир хожалықта ғәлле атызлары жайласқан майданлардың сызылма картасы ҳәм онда атызға баратуғын жол, гектары, жақын жердеги суў сақлағышлардың жайласқан орны көрсетилиўи керек. Ғәлле майданы 50 гектардан, арасы кеминде 12 метр болған өртке қарсы жасалма тосық болыўы ушын сүрип қойылған болыўы шәрт.
Орылған сабан ҳәм басқа шөплер ғәлле майданынан 30 метр қашықлықта жайласыўы зәрүр. Өнимге жәмленген техникаларды қойыў, оларды жанармай менен тәмийинлеў пунктлери, аўқатланыў орны ҳәм жатақ жайлар ғәлле майданынан 100 метр қашықлықта, тақыр жерде жайласқан болыўы керек. Ремонт майданшалары ушын, майлар, тез өртенип кететуғын затларды таслаў ушын темир қутылар болыўы зәрүр. Жыйын-теримге жәмленген ҳәр бир техника биринши дәрежели өрт өшириў қураллары (бел, шелек, өрт өширгиш, кийиз ҳәм т.б.), ушқын сөндиргишлер менен тәмийинлениўи шәрт. Ғәлле атызларына баратуғын жолларға өртке қарсы «Темеки шегилмесин», «От жағыў қадаған» ҳәм усы мазмундағы плакатлар, еслетпелер ҳәм паннолар қойылыўы керек. Бул мапазға қатнасатуғын барлық мийнеткешлер, механизаторлар, транспорт басқарыўшылары өрт қәўипсизлигин жақсы билиўи ҳәм оған әмел етиўи шәрт. Ғәлле орымы ўақтында майданларда өрттиң хабарын бериў ушын байланыс ямаса даўыслы жасалма үскене болыўы керек. Ғәлле атызларында орым-жыйым ўақтында темеки шегиў, ашық оттан пайдаланыў қатаң түрде қадаған етиледи.
Егер қуўрап қалған от-шөплерди өртеп, ҳаўаның патасланыўына жол қойылса Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 88-статьясы 3-бөлими менен ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, бундай ҳәрекетлерге жол қойған пуқаралар ең кем мийнет ҳақысының 3 есесинен (608 190 сум) 5 есесине (1 013 650 сум) шекемги, ал лаўазымлы шахслар ең кем мийнет ҳақысының 5 есесинен (1 013 650 сум) 10 есесине (2 027 300 сум) шекемги муғдарда жәриймаға тартылады.
Егер буның ақыбетинде өрт келип шықса Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 211-статьясы 3-бөлими менен пуқаралар ең кем мийнет ҳақысының 3 есесинен (608 190 сум) 5 есесине (1 013 650 сум) шекемги, ал лаўазымлы шахслар ең кем мийнет ҳақысының 7 есесинен (1 419 110 сум) 10 есесине (2 027 300 сум) шекемги муғдарда жәриймаға тартылады.
Жоқарыда көрсетилген әпиўайы қағыйдаларға бәршеңиздиң әмел етиўиңизди сорап қаламыз.
Жазып алған: Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.