Өзбекстан халқы ең кеминде 40 жыл даўамында өсиўден тоқтамайды, 20 жылдың ишинде болса өзбекстанлылардың саны 40 миллионға жетиўи күтилмекте. Бул ҳаққында БМШ жәриялаған демографиялық есапта көрсетип өтилген, деп жазады Kun.uz.
Орташа прогнозларға қарағанда, Өзбекстан халқының саны 2038-жылы биринши мәрте 40 миллионнан өтеди. Мәмлекеттиң халқы буннан кейин де көбейиўде даўам етип, 2070-жылы ең жоқары нокаты – 44 миллион 400 мың адамға жетеди. Буннан соң Өзбекстанда демографиялық регрессия басланып, төменлеў 2100-жылға келип 42 миллион 200 мың адамды қурайды.
Ең оптипистлик болжаўларға қарағанда, өзбекстанлылардың саны 2034-жылда 40 миллионға жетиўи мүмкин. Әсирдиң ақырғы он жыллығына барып халықтың саны 60 миллион адамнан да көбейип кетиўи мүмкин.
Ең пессимистлик прогнозлардың көрсетиўинше, Өзбекстан халқының саны ең кеминде 40 жыл даўамында үзликсиз көбейип барады ҳәм 2059-жылға барып 38 миллион адамға жетиўи мүмкин. Буннан кейин басланған кемейиў нәтийжесинде 2087-жылы 30 миллионлық ноқатқа қайтыў ҳаққындағы болжаўлар бар.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.