Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 12-июнь күни Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Karinform.uz информациялық-аналитикалық материаллар сайты менен биргеликте институттың филология факультетинде қарақалпақ тилинен ғалабалық диктант акциясы болып өтти.

Ғалабалық диктант акциясына Нөкис қаласындағы 2-, 5- ҳәм 18-санлы улыўа билим бериў мектебиниң оқыўшылары ҳәм педагог хызметкерлери, институттың академиялық лицей оқыўшылары, Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў аймақлық орайы тыңлаўшылары, Қарақалпақстанның барлық аймақларынан мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тәрбияшылары, жоқары оқыў орынларының студентлери, профессор-оқытыўшылары, сондай-ақ, техникалық хызметкерлери, илимпазлар, журналистлер, абитуриентлерден ибарат улыўма 338 адам қатнасты.

Акция улыўма 5 аудиторияда институттың филология факультети қарақалпақ тили кафедрасының тәжирийбели профессор-оқытыўшылары басшылығында даўам етти.

Қарақалпақ тилинен дурыс жазыў, иркилис белгилерин дурыс қолланыў бойынша кең халық массасының саўатлылық дәрежесин баҳалаў ҳәм тийисли шешимге келиў мақсетинде өткерилген акция жуўмақларына муўапық, академиялық лицейдиң 10 оқыўшысы, Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў аймақлық орайының 11 тыңлаўшысы, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринен 2 тәрбияшы, 1 мектеп муғаллими, институттың 3 студентиниң диктант жумыслары талап дәрежесинде жазылған деп табылды ҳәм институт ректорының ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Қарақалпақ тили бойынша биринши мәрте өткерилген ғалабалық диктант акциясында көп тәжирийбе ҳәм көнликпе топланды. Институт ректоры Б.Отемуратовтың тиккелей басламасы ҳәм қоллап-қуўатлаўы менен шөлкемлестирилген акцияны жаңа оқыў жылында еле де кең көлемде өткериў бойынша тийисли тапсырмалар берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.