Мойнақ районындағы бурынғы балық консерва заводының орнында жаңадан «Мойнақ минерал дузы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң имараты қурып питкерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигине тийкарланып ҚР Министрлер Кеңеси Мәлимлеме хызмети хабар берди.
Ҳәзирги ўақытта кәрханада монтажлаў жумыслары алып барылып атырған болып, бул жерде дуз ислеп шығарыў жумыслары жақын күнлерде басланыўы күтилмекте.
Кәрханада жоқары сападағы экстра дузлары ислеп шығарылады ҳәм оларды республиканың барлық жерлерине жеткерип бериў, сондай-ақ, экспорт етиў көзде тутылмақта.
Күнине 150 тоннаға шекем дуз ислеп шығаратуғын кәрханада биринши басқышта экстра дуз ҳәм полипропилен қаплар ислеп шығарыў, екинши басқышта мероболит натрий сульфат заводын алып келип орнатыў жобаластырылған.
Ең әҳмийетлиси, кәрхананың иске түсиўи менен 150 жаңа жумыс орны жаратылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги