2017-жыл 7-ноябрь күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Депутатлар Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң усы жылдың тоғыз айындағы орынланыўын көрип шықты.

Алдын сиясий партиялар фракциялары ҳәм Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының, Нызамшылық палатасының салаға байланыслы комитетиниң мәжилислеринде бул мәселе дәслепки  рет додалаған еди.

Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасына бола ислеп шығылған 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў нәтийжесинде, «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасын  орынлай отырып, экономиканың турақлы,  жоқары пәтлерде раўажланыўы және өсиўи тәмийинленгени атап өтилди. Тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлердиң унамлы өсим пәтлери сақлап қалынды, сондай-ақ, экономикалық тармақлар менен салалардың буннан былай да тең салмақлы раўажланыўы ушын беккем тийкар жаратылды.

Алдынғы халықаралық тәжирийбени есапқа ала отырып, ақша-кредит сиясатын буннан былай да жетилистириў, валютаны тәртипке салыўдың заманагөй, базар механизмлерин басқышпа-басқыш енгизиў бойынша көрилген илажлар елимиздиң экономикасына шет ел инвестицияларын жедел тартыўға, экспорт потенциалын арттырыў заманагөй экспортқа бағдарланған өндирислерди раўажландырыўға, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери ушын сыртқы саўда жумысын әмелге асырыў ўақтында теңдей шараятлар жаратылыўына имкан берди.

Бюджетлераралық қатнасықлардың заманагөй механизмлери енгизилип атырғаны атап өтилди. Әсиресе, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-июньдеги «Жергиликли бюджетлерди қәлиплестириўде орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының әҳмийети атап өтилди. Халықтың реал дәраматларын, турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў, республика бюджетинен қаржыландырыўға болған байланыслылықты азайтыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының еркинлигин күшейтиў мақсетинде аймақларды комплексли раўажландырыўдың турақлы қаржыландырылыўын тәмийинлеў елимиз бюджет сиясатының тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленген.

Нәтийжеде есап бериў дәўиринде жергиликли бюджет дәраматларының 503,8 миллиард сум муғдарындағы ямаса 2016-жылдың 9 айына салыстырғанда 3,9 есеге көп қосымша дәреклери қәлиплестирилди.

Есап бериў дәўиринде Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң социаллық бағдарланғаны сақланып қалды. Социаллық саланы қаржыландырыў ушын қәражетлер улыўма көлеминиң 54,8 проценти муғдарында қаржы ажыратылды.

Депутатлар соны айрықша атап өтти, есап бериў дәўиринде билимлендириў системасындағы реформаларды буннан былай да тереңлестириўге, билимлендириў процеси дәрежесин ҳәм сапасын арттырыўға қаратылған билимлендириў стандартлары менен бағдарламаларын жетилистириўге, улыўма билим бериў мектеплери, академиялық лицейлер, кәсип-өнер колледжлери және жоқары оқыў орынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўге биринши дәрежели итибар қаратылды. Атап айтқанда, халық билимлендириў мәкемелерин сақлаў ҳәм раўажландырыў қәрежетлерин қаржыландырыўға Мәмлекетлик бюджеттен 11,5 триллион сумнан аслам ямаса социаллық салаға ажыратылған улыўма қаржылардың 59,5 проценти муғдарында қаржы ажыратылды.

Бизге белгили, Нызамшылық палатасы денсаўлықты сақлаў системасын сапалы реформалаў процесине тиккелей қатнаспақта. Сонлықтан, депутатлар медицина мәкемелерин қаржыландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Денсаўлықты сақлаў саласындағы ҳәр қыйлы  Мәмлекетлик бағдарламаларды орынлаўға байланыслы илажлар нәтийжесинде Мәмлекетлик бюджеттен 5,2 триллион сум ямаса социаллық салаға бағдарланған улыўма қәрежетлердиң 26,9 проценти муғдарында қаржы ажыратылғаны атап өтилди. 2016-жылдың есап бериў дәўиринде денсаўлықты сақлаўға бағдарланған қәрежетлер 4,2 триллион сумды ямаса социаллық саладағы қәрежетлердиң 24 процентин қураған еди. Депутатлар тәрепинен елимиз басшысының денсаўлықты сақлаў саласына жоқары итибары себепли халыққа медициналық хызмет көрсетиўди сапа жағынан жақсылаў мақсетинде барлық режелестирилген илажлар өз ўақтында қаржыландырылып атырғаны айтып өтилди.

Тараўдағы жүзеге келген машқалалар комплексли тәризинде шешилмекте. Соның ишинде, наўқасларды зәрүр дәри қураллары менен тәмийинлеў әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады. Халықты дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеў ушын мәмлекетлик бюджеттен  275 миллиард сум ажыратылды, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,9 есеге көп. Атап айтқанда, есап бериў дәўиринде дәри-дәрмақлар ушын жумсалған қәрежетлер өткен қаржы жылының әйне усы дәўирине салыстырғанда Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья ҳәм Самарқанд ўәлаятларында 1,5 есеге, Сурхандәрья ўәлаятында болса 2,2 есеге артты. Депутатлардың атап өткениндей, тийкарғысы адамлар жүз берип атырған өзгерислерди сезиўи керек.

Кекселерди ҳәм майыпларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде саниторийлер ҳәм интернат үйлери, киши жастағы майып балалар интернат үйлери, үй шараятында социаллық жәрдем көрсетиў бөлимлери, сондай-ақ, майыпларды реабилитациялаў орайлары ушын мәмлекетлик бюджеттен 125,7 миллард сум қаржы ажыратылды.

Есап бериў дәўиринде жергиликли бюджетлердиң дәрамат бөлеги болжаў көрсеткишлерине салыстырғанда 103 проценттен зыятқа орынланған. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жергиликли бюджет қаржыларын басқарыў бойынша еркинлигин арттырыў, бюджет орынланыўының орайға байланыслылығын кескин азайтыў процеслерин тереңлестириў, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў Бағдарламаларын кепилленген қаржыландырыў дәреклери менен тәмийинлеў, жергиликли ҳәкимликлердиң жергиликли бюджетлерди қәлиплестириўде ҳәм қаржылардан нәтийжели пайдаланыўда жуўапкершилигин арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, депутатлар тәрепинен жергиликли бюджетлерди толықтырыў дәреклерин кеңейтиў бойынша қолда бар имканиятлар менен ресурслардың толық иске қосылмай атырғаны, атап айтқанда, республиканың 17 район ҳәм қалаларында жергиликли бюджетлердиң дәраматлар бөлеги болжаў көрсеткишлери орынланбағаны сынға алынды.

Қыстаўлы медициналық жәрдем бригадаларының бир мәрте шақырылыўына ажыратылған қаржылардың ақылға уғрас жумсалмай атырған жағдайлары да атап өтилип, депутатлардың пикиринше, бул көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасына және көлемине кери тәсир етпекте.

Сондай-ақ, сатып алынып атырған медициналық буйымлар менен әсбап-үскенелердиң сапасының муўапық емеслиги және аўыллық шыпакерлик пунктлери және шаңарақлық поликлиникаларда олардың жетиспеўшилиги жағдайлары бар.

Улыўма алғанда, мәжилистиң жуўмағына бола, Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң 2017-жылдың тоғыз айындағы орынлаўы ҳаққындағы есапты тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл еттилди.

 

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Мәлимлеме хызмети